Енди жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған пуқараларды видео көриниске түсирген ҳәм бул ҳаққында мәлим еткен шахслар хошаметленеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 19-майда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы жол қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап өтилген, деп жазады Kun.uz сайты.

ӨзА тарқатқан хабарға қарағанда, бул қарар тийкарында 2018-2022-жылларда Өзбекстан Республикасында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў концепциясы ҳәм оны әмелге енгизиў бойынша «Жол картасы» тастыйықланған. Соның менен бирге, ҳәр айда «Автомобильсиз күн» акциясының жолға қойылыўынан мақсет жолларда қәўипсизлик машқалаларына жәмийетшиликтиң итибарын қаратып, автотранспортсыз ҳәрекетлениў мүмкин екенлиги ҳәм зәрүрлигин көрсетиў есапланады.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине үш ай мүддетте физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларында орнатылған видеорегистраторларынан алынатуғын видеожазыўларды оператив түрде топлаўдың орайластырылған системасын енгизиў, жүз берген ҳуқықбузарлық ҳалатлары ҳаққында усыныс киргизиў ҳәм жеке мағлыўматлардың сырлылығын сақлап қалыў имканияты тәмийинленген ҳалда оларды хошаметлеў механизмлерин енгизиў бойынша тапсырма берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.