1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Амир Темур мәденият дем алыў бағында  «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар» атамасында концерт бағдарламасы өткерилди.

Балалардың кеўилли дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр түрли ертек ҳәм мультфильм қаҳарманлары, масқарапазлар қатнасты. Бағдағы аттракцион ҳәм ойын қурылмалары балалар ушын бийпул хызмет етти.

Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының «Балаларымыз бахтымыз», «Келиң балалар ойнайық»  театрластырылған байрам тамашалары, «Нәўше» үлгили балалар эстрада ансамбли, «Ғумша» үлгили балалар ойын ансамбли атқарыўындағы «Биз шад кеўилли балалар», «Ана-Ўатан», «Қарақалпақстан» композициялары, Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының атқарыўындағы «Саламат әўлад-жетик әўлад», «Спорт-спорт», «Шоқ жигитлер», «Келди байрам» ҳәм басқа да түрли миллет халықларының аяқ ойынлары рәңбәрең, қызықлы композициялар тамашагөйлердиң нәзерине усынылды.

– Ақлығым Ақылбекти байрам күни усы жерге алып келдим. Ҳәмме аттракционлар бийпул ислеп тур. Кеўилли дем алмақтамыз, – дейди Нөкис қаласының турғыны Айсара Ибраймова.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Нөкис қалалық әдилик бөлими тәрепинен «Мениң ҳуқықым-бахытлы балалығым» атамасында акция өткерилди.

Акцияда  интерактив ойынлар өткерилип, онда,  «Балалар өз ҳуқықларыңызды билесизбе?» деген сораўға байланыслы «Бийпул ҳәм сапалы билим алыў», «Ата-анасын билиў, бирге жасаў ҳәм ғамқорлығынан пайдаланыў», «Медициналық жәрдем алыў», «Дем алыў» темаларында сүўрет салыў, сораў-жуўап, өз өнерин көрсетиў сыяқлы шәртлер бойынша жарыс өткерилди.

Жеңимпаз болған балалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ойыншық ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы