Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында үлкен спорт фестивалы өткерилетуғынлығы ҳәм фестивальда қатнасыў ушын Ташкент қаласынан өзбек футболының жулдызлары ҳәм белгили эстрада ўәкиллеринен ибарат делегация пайтахтымызға жетип келгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

 

 

Делегацияға Миллий Олимпия комитети (МОК) Президенти Умид Аҳмаджонов басшылық етпекте. Комитет рәсмий веб-сайтының хабар бериўинше, МОК Президенти Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен қурып питкерилген Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебин барып көрди ҳәм усы жердеги шараятлар менен танысты, сондай-ақ, спорт мектеби басшылары менен сәўбетлести.

 

 

– Сыр емес, Қарақалпақстан Республикасы елимиз спорты ушын көплеген қәбилетли спортшыларды тәрбиялап берген. Бул мектеп те келешекте усы дәстүрди даўам еттирип, белгили спортшыларды жетилистирип шығарыўға өз үлесин қосыўы керек, – деп айтып өтти МОК Президенти. Умид Аҳмаджонов бул жолда Миллий Олимпия комитети тәрепинен барлық шараятлар жаратып берилетуғынлығы ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.