Президент Шавкат Мирзиёев жақында дөретиўши зыялылар менен болған ушырасыўында тойларды тәртипке салыў бойынша да пикирлерин билдирип, тийисли басшыларға тапсырмалар берген еди.

Президент тапсырмасы тийкарында Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен де тийисли илажлар ислеп шығылмақта.

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ билдириўинше, қаладағы тойларда да айырым жаӊа «дәстүр»лерге тыйым салынады.

Атап айтқанда:

 – Автотранспортларда жас келин-күйеў сейили (гулянка);

 – ағайин-туўған, қуда-қудағайлардың шүберек-шаршы менен сарпайылаўы;

– тойларда танымалы қосықшыларды бир-еки қосық атқарып кетиўи ушын жаллаў;

– келин-күйеўдиң торт кесип, бир-бирине жегизиў мәресими;

– келинниң жас қурбыларына гүл ылақтырыўы.

Ҳәзирги күнде ҳәкимлик тәрепинен тойларды тәртипке келтириў бойынша шешим жойбары таярланбақта ҳәм мәҳәллелерден бул бойынша пикир-усыныслар жыйналмақта.

Тойларды ықшам, шығымсыз, ысырапкершиликсиз, дәбдебелерсиз болып өтиўи бойынша жоқарыда шек қойылған «дәстүр»лер дизими еле де толықтырылып барылады.

Киргизилген қосымшалар ҳәм өзгерислер ҳаққында мағылыўмат берип барамыз.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги