Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменлик субъектлерине берилип атырған жеңиллик ҳәм преференциялар, оларды қоллап-қуўатлаў, елимиздиң экспорт потенциалын раўажландырыўға қаратылған тапсырмалардың орынланыўына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти. 

Илажды басқарма баслығының биринши орынбасары Илҳам Казаков алып барды.

Онда басқарманың бөлим баслықлары Улығбек Қасымов, Садатдин Алланазаров ҳәм бөлимниң аға инспекторы Нурсултан Назарбаевлар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм ҳүкиметиниң бул бағдардағы Пәрман  және қарарларының мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы  сыртқы экономикалық жумыс тараўында мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығын ҳәм олардан еркин пайдаланыў имканиятын, елдиң экономикалық мәплерин есапқа ала отырып, экспорт-импорт операцияларының өз-ара тең салмақлылығын тәмийинлеўге, исбилерменлик жумысын жедел раўажландырыўға, инвестиция менен экспорт потенциалын арттырыўға, халықтың жасаў жағдайын және сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

Пәрманға муўапық, усы жыл 1-июльден баслап бир қатар жаңа тәртип ҳәм қағыйдалар енгизилди. Атап айтқанда, товарларды бажыхана режимлерине жайластырыўда, сондай-ақ, шет елли автотасыўшылардың Өзбекстан Республикасы аймағы бойлап ҳәрекет етиў маршрутларын өзгертиўге бажыхана уйымлары тәрепинен берилетуғын руқсатнамалар бийкар етиледи. Сондай-ақ, бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде тек бир түрдеги товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи күнделикли декларацияларды усыныў арқалы әмелге асырылады.  Тек бир түрдеги товарларға бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде карантин руқсатнамалар, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы объектлерин, озон қатламын бузатуғын элементлерди ҳәм олардан пайда болған өнимлерди алып кириў және алып шығыў ушын руқсатнамалар, муўапықлық сертификаты, ветеринариялық, гигиениялық ҳәм экологиялық сертификатлар бир календарь жылынан артпаған мүддетке бир мәрте бериледи.

Усы пәрман менен бажыхана уйымлары салық уйымлары ҳәм Бас прокуратура жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти уйымлары менен биргеликте устав капиталында мәмлекетлик үлеси болған мәмлекетлик кәрханалар және шөлкемлер тәрепинен импорт етилип атырған товарлардың баҳасын арттырып көрсетиў жағдайлары бойынша турақлы түрде мониторинг өткерип барады. Бажыхана қоймаханаларында үш жылдан артық сақланып киятырған мүлклер бажыхана уйымлары тәрепинен услап қалынады ҳәм олар үш ай даўамында талап етип алынбаған жағдайларда суд қарары тийкарында мәмлекет пайдасына өндириледи, кейин ала белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен сатылыўы ямаса жоқ етилиўи нәзерде тутылған.

Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-ноябрьдеги «Сыртқы саўда хызметин буннан былай да еркинлестириў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы, 2017-жыл 6-ноябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин, жүзим, палыз, собықлы егинлерди, сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелерди жергиликли экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары, усы жыл 29-марттағы «Өзбекстан Республикасында мийўе-овощ жетистириўди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында исбилерменлик субъектлерине берилген жеңилликлер және преференциялар бойынша мағлыўмат берилди.

Илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.