Кегейли районында теориялық-семинар ҳәм әмелий таныстырыўлар түринде өткерилген илажда бул туўралы толық мағлыўмат берилди

Өткерилген илаж бир қатар мекеме-шөлкемлер менен биргеликте өткерилип, оған барлық қала-районлардан жуўапкер қәнигелер ҳәм Кегейли районы аймағындағы барлық кәрхана-шөлкемлердиң, ведомстволардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары қатнасты.

– Кеселлик көбинесе жылдың жыллы дәўирлеринде ушырасып, бул кеселлик пенен үй ҳәм жабайы ҳайўанлар кеселленеди. Оны жуқтырыўшы, өткериўши кеселленген от-шөпти жейтуғын қара маллар, қой-ешкилер, атлар, түйелер, ешеклер, шошқалар болып табылады, – дейди Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы Карантин топары командири, киши сержант Байрам Ибраимов. – Бүгинги илаж даўамында  жыйналғанларға усы кеселлик пенен кеселленген ҳайўанларды қалай жоқ етиў кереклиги, кимге хабар бериў зәрүрлиги, кесел ямаса кесел емеслиги қалай анықланатуғыны ҳаққында түсиник бериў менен бирге әмелде ислеп көрсетилди. Кеселликтиң алдын алыў ушын шаншыў, мал сақлайтуғын фермалардың, объектлердиң ветиринариялық, санитариялық талапларын турақлы түрде қадағалап барып, гөш өнимлерин руқсатнамасыз саттырмаў ҳәм басқа да илажларды жоқары дәрежеде алып барыў керек.  Бүгинги илажда шаңарақлық поликлиникада Күйдирги кеселлигине шалынған деп гүман етилген наўқасты анықлаў, тийисли уйымларға ҳәм хызметлерге хабар бериў, гүман етилген адамды бөлеклеў, диагноз қойыў ҳәм емлеўханаға жатқарыў тәртиби, наўқасты күтиў, орынларды дизенфекциялаў ҳәм басқалар ҳаққында кең түсиник берилди. Бул илажларды өткериўге жәми 165  жеке қурам ҳәм 12 техника тартылды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги