Бурын хабар етилгениндей, 30-май күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  менен биргеликте «Саҳра бүлбиллери-саҳрадағы лувр» атамасында республикалық классикалық музыка фестивалы өткерилди.

Фестивальға Ташкент қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясының, сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият иниститутының  профессор-оқытыўшылары, студент жаслар қатнасты.

Фестиваль қатнасыўшыларын салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.

Буннан соң «Шығыс халықлары музыка мәдениятында классикалық намалардың орны ҳәм әҳмийети» атамасында илимий- әмелий конференция болып, оны Қарақалпақстан Республикасы  Мәденият министри П.Айтмуратов басқарып барды.

Онда қарақалпақ музыка мәдениятының қәлиплесиўи, ғәрезсизлик жылларында республикамыздағы музыка көркем өнериниң раўажланыўы, Европа классикалық музыкасына өзбек музыка мәдениятының тәсири туўралы баянатлар тыңланды.

Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  классикалық вокал ҳәм саз әсбап музыка атқарыўшыларының республикалық таңлаўы өткерилип, оған қырққа шамалас талант ийелери қатнасты.

Таңлаў жуўмағында саз әсбаплары бағдары бойынша Досберген Реймов биринши, Қуўатбай Рамбергенов екинши, Илҳам Оразбаев үшинши орынды ийелеген болса, опера бағдары бойынша Асадбек Акимбаев биринши, Гүлбану Рейпназарова екинши, Шерхан Утемуратов үшинши орын жеңимпазы болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Күнниң екинши ярымында илаж қатнасыўшылары Өнермент бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасының сондай-ақ, жас дизайнерлердиң миллий кийимлер көргизбесин тамашалады.

– Қарақалпақстан үлкеси шөл, ашық зона болғанлықтан, бул жерден талантлы ҳақыйқый даўыс ийелери, опера атқарыўшылары жетилисип шықпақта. Әсиресе, Жеңисбек ҳәм Ақылбек Пиязовларды мақтаныш етсек айзыйды, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясының оқытыўшысы, Өзбекстан халық артисти Мияссар Раззақова. «Саҳрадағы лувр» деп тән алынған музей алдында саҳра бүлбиллери жанлы ҳаўазда қосық атқарды. Мен де белгили композитор Қ.Заретдиновтың басшылығындағы симфониялық оркестр менен биргеликте бир неше қосықлар атқарыў нийетиндемен.

  Буннан соң фестиваль қатнасыўшыларына жәҳән классикасы дүрданаларынан, атап айтқанда, П.И.Чайковскийдиң  «Аққуўлар көли», Қ.Зәретдиновтың «Қырқ қыз» балети, Ш.Гуноның «Ромео ҳәм Джулетта», С.Юдаковтың «Майсараның ҳийлеси», Белиннидиң «Самнабула» операсы ҳәм т.б композициялар жанлы ҳаўазда атқарылды.

  Солай етип, халық күткен «Саҳра бүлбиллери-саҳрадағы лувр» атамасындағы республикалық классикалық музыка фестивалы нәтийжели жуўмақланды.

Фестиваль илажларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы