30-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театр жәмәәти 1– июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар» сүрени астында  «Гүлде бүлбил сайрайды» атлы қуўыршақ спектаклин қойып берди. 

Спектакльди тамашалаўға келген Хожели ҳәм Мойнақ районларындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ҳәм имканияты шекленген балалар, «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» социаллық бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими системасындағы имканияты шекленген балаларға бийпул қойып берилди.

Спектакльдеги тийкарғы сюжет балаларды ана тәбиятты қәстерлеп сақлаўға, мийнет сүйгишликке, әдеп-икрамлы етип тәрбиялаўға қаратылған. Спектакльдеги Бағман ата дийқаншылық пенен шуғылланып,  балаларға терек, гүллер егиўди үйретеди. Унамсыз қаҳарман Мәстан кемпир Жалқаўбайды жаман жолға баслап, өзиниң жаман нийетлерин әмелге асырмақшы болады. Жақсылық жаманлық үстинен жеңиске ериседи.

Балалар кеўилли дем алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы