Быйылғы жылдың 910-июнь күнлери Қытай Халық Республикасының Циндао қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги саммити болып өтеди. 29-май күни Ташкентте усы ири илажға бағышланған баспасөз әнжумани болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Ҳиндстан Республикасы, Пакистан Ислам Республикасының елимиздеги елшиханалары және ШБШ Регионаллық антитеррор структурасының Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң абыройы күннен-күнге артып, ағза мәмлекетлердиң сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы өз-ара пайдалы байланыслары раўажланып, терроризм, диний экстремизм, сепаратизм, наркотикалық затлар ҳәм қурал-жарақ контрабандасына қарсы гүресиў, регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўдиң беккемленип атырғаны атап өтилди.

ҚХР дың елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Цзянь Янь ханым Циндао саммитине Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин басшылық ететуғыны, жоқары дәрежедеги ушырасыўға ШБШ ға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери мирәт етилгенин атап өтип, онда ШБШ ның ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары, ҳәр тәреплеме бирге ислесиў, бир қатар халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша пикир алысыў режеслестирилип атырғанын атап өтти.

Оның сөзлерине бола, Циндао саммити шеңберинде ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен еки тәреплеме ушырасыўы режелестирилмекте. Саммит жуўмағында Циндао декларациясы, қәўипсизликти тәмийинлеў, экономикалық ҳәм гумантарлық тараўларда бирге ислесиў бойынша жигирмаға шамалас ҳүжжетке қол қойылыўы күтилмекте.

Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары А.Абдувоҳидов ҚХР ШБШ ға басшылық етиў шеңберинде нәтийжели ҳәм табыслы жумыс ислегенин, соңғы бир жылда ағза мәмлекетлердиң түрли министрликлери ҳәм ведомстволары басшыларының қатнасыўында жүзден аслам илаж шөлкемлестирилгенин, Өзбекстан ўәкиллери олардың барлығында белсене қатнасқанын атап өтти. Өзбекстан сыртқы сиясат мәкемеси саммитке таярлық көриўге байланыслы мәселелерди жедел шешиўде ҚХР және ШБШ ға ағза басқа да мәмлекетлердиң елимиздеги елшиханаларының ўәкиллери менен тығыз бирге ислесип атырғанын билдирди.

Илажда гезектеги саммит ШБШ ны раўажландырыў бойынша анық режелерди белгилеп алыў, бир қатар тараўлардағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да жоқары басқышқа алып шығыў ушын үлкен имканиятлар жарататуғыны атап өтилди.

ӨзА