Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 29-май күни экспорт-импорт, жергиликли бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў, аўыл хожалығында ғаўаша тәрбиясы, бийдай орым-жыйыны, тәкирарый егинлер ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли илажларды нәтийжели өткериўге байланыслы бүгинги күнде оғада әҳмийетли болып турған мәселелерге бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Олий Мажлис палаталарының басшылары, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың жуўапкер адамлары, видеоселектор арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери қатнасты.

Бүгинги күнде экономикамызды турақлы раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўда аўыл-хожалығы тараўының орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта. Бул тармақта 3,6 миллионнан аслам адам мийнет етпекте, тараўдың жалпы ишки өнимдеги үлеси избе-из артып бармақта.

Сонлықтан да 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленип, бул бойынша анық илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Булардың барлығы соңғы нәтийжесинде халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, аўыллық жерлерге санааттың жедел кирип барыўы ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў ушын аграр сектор имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында кең имканият жарататуғынына гүман жоқ.

Өткен бир ярым жыл ишинде экспортты хошаметлеў ҳәм оның ушын зәрүр қолайлылықлар ҳәм жеңилликлер жаратыў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы шеңберинде енгизилип атырған жаңалықлар, тармақлар және аймақлардағы бар экспорт потенциалын толық иске қосыў бойынша көрилип атырған әмелий илажлар нәтийжесинде экспорт көлеми артпақта. Соның ишинде, усы жылдың 25-майына шекем 4 миллиард 576 миллион доллар көлеминде экспорт әмелге асырылған. Усы айдың ақырына шекем белгиленген болжаў көрсеткишлери орынланады. 2017-жылдың 5 айына салыстырғанда, экспорт көлеми дерлик 21 процентке өсиўи күтилмекте.

Сондай-ақ, биринши ярым жыллықта 5 миллиард 886 миллион долларлық экспорт әмелге асырылып, болжаў көрсеткишлери 100,9 процентке  орынланыўы ҳәм 2017-жылдың биринши ярым жыллығына салыстырғанда 25 процент өсимге ерисиў мөлшерленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис қатнасыўшыларының итибарын әне усындай унамлы нәтийжелерге қаратыў менен бирге булар бар имканиятқа ҳәм потенциалға салыстырғанда анағурлым төмен екенлигин атап өтти. Айырым тармақлар ҳәм аймақлардың басшылары бул бойынша өз жуўапкершилигин жетерли дәрежеде сезбей атырғаны, ол болса экспорт көлемин көбейтиў бойынша резервлердиң толық иске қосылмаўына себеп болып атырғаны көрсетип өтилди.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер Министрлер Кабинети комплекслери бойынша ҳәр тәреплеме сын көзқарастан талланып, бул бағдарда әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Шетке өним ҳәм хызметлерди экспорт етиў бойынша быйылғы жылдың өткен дәўиринде белгиленген режелерди орынламаған республикалық шөлкемлер ҳәм кәрханалардың, аймақлардың жумысын сын көзқарастан таллаў, артта қалыўшылықтың себеплери менен ақыбетлерин анықлап, оларды тез сапластырыў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.

Селектор мәжилисинде елимизде импортты оптималластырыў жумыслары улыўма қанаатландырарсыз жағдайда екени атап өтилди. Усы жылдың 4 айы ишинде елимиз бойынша товарлар импорты 4 миллиард 858 миллион долларды қурап, 2017-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1 миллиард 111 миллион долларға ямаса 30 процентке артқан. Бундай жағдайға себеп болған факторлар тийкарынан импорт қурамын үйрениў ҳәм импортты оптималластырыў бойынша жумыслардың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени, январь-апрель айларында комплекслердиң қурамына киретуғын кәрханалар тәрепинен елимизде өндирис өзлестирилген товарларды сатып алыўдың орнына, шеттен усындай түрдеги 89 миллион долларлық өним импорт етилгени менен байланыслы екени атап өтилди.

Әне усындай кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша жуўапкер шахсларға анық көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

Мәжилисте усы жыл елимизде жаўын-шашынның салыстырмалы түрде аз болғаны, ақыбетинде көпшилик аймақларда суўдың жетиспеўшилиги жүзеге келгени, бундай жағдай суўдан өнимли пайдаланыўды талап ететуғыны айрықша атап өтилди.

Сол мақсетте салы егилетуғын майданларды 162 мың гектардан 94 мың гектарға қысқартыў, суў тәмийнатында машқала болмаған Сырдәрья ўәлаятындағы 7,5 мың гектар жерди Хорезм ўәлаяты фермерлерине, Жиззақ ўәлаятындағы 5,5 гектар жерди Қарақалпақстан фермерлерине тәкирарый егин сыпатында салы егиў ушын бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Суўдың жетиспеўшилиги күтилип атырған Қашқадәрья ўәлаятында тәкирарый егин майданлары 30 мың гектарға, Самарқанд ўәлаятында 42 мың гектарға, Бухара ўәлаятында 20 мың гектарға, Наўайы ўәлаятында 14 мың гектарға ҳәм Қарақалпақстанда 10 мың гектарға азайтылатуғыны мәлим етилди. Бул аймақларда суўды аз талап ететуғын мәш, лобия ҳәм басқа да азықлың егинлерди егиў, оларды суў дәреклерине жақын жер майданларына жайластырыў кереклигине итибар қаратылды. Әне усы жумысларды өз ўақтында, нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Видеоселектор мәжилисинде елимизде быйылғы жылы бәҳәрдиң салқын ҳәм қурғақ келиўи пахта жетистириўде үлкен машқалаларды келтирип шығарып, нәтийжеде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ғаўашаның раўажланыўы анағурлым артта қалып атырғаны, бул болса оны тәрбиялаўға айрықша итибар қаратыўды талап ететуғыны ҳаққында да ҳәр тәреплеме пикир жүргизилди. Әсиресе, бундай аўыр  шараятта культиваторлардан жоқары дәрежеде нәтийжели пайдаланыў, топырақты терең қайта ислеў, майдалап жумсартыў, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гүресиў ҳәм қадағалаў ислерине үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, усы жыл пахта жетистириўди қаржыландырыў бойынша пүткиллей жаңа система жаратыў, агротехникалық илажларды ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын техникалық қураллардың таярлығын ҳәм оларды турақлы түрде дизель жанылғысы менен тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестириў бойынша тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм аймақлардың басшыларына тапсырмалар берилди.

Мәжилисте елимизде 1-июньнен 1–июльге шекем «Ғаўашада кепилленген өним топлаў ылғаллы айлығы» жәрияланыўы бойынша келисип алынды. Үлкен мийнет ҳәм қәрежет пенен жетистирилген өнимди толық сақлап қалыў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары ҳәм жумысшылары аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм жуўапкер адамлардың суўшы ҳәм механизаторлар, аграр тараўдың илимпазлары ҳәм агрономлар менен биргеликте барлық буўындағы депутатлардың да мобилизация етилиўине ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға айрықша әҳмийет қаратылды.

Күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли мәселе – быйылғы жылы жетистирилетуғын ғәлле өнимин зая етпей, қысқа мүддетте жыйнап алыў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар да додаланды.

Елимиз бойынша быйылғы ғәлле орым-жыйын мәўсиминде қатнасатуғын бар 3 мың 106 жоқары өнимдарлы ғәлле орыў комбайнларын сапалы оңлаў ҳәм таярлаў ушын барлық шараятлар жаратып берилди. Буннан тысқары,  400 жаңа ғәлле оратуғын комбайн орынларға жеткерилмекте. Олар орым-жыйын жумысларын ҳәр жылғыға салыстырғанда бир ҳәпте бурын жуўмақлаў имканиятын береди. Ол ушын орынларда ғәлле орым-жыйыны отрядларын дүзип, оларға комбайн, дән тасыў техникасын, көшпели оңлаў устаханаларын ҳәм жанылғы қуйыў агрегатларын бириктирип, орым-жыйын жумысларын график тийкарында шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Министрлер Кабинетине тез күнлерде быйылғы жылғы ғәлле орым-жыйынына байланыслы барлық шөлкемлестириўшилик мәселелерди өз ишине алған қарар жойбарын киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте аймақларда бюджетке қосымша дәраматларды тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың жағдайы сын көзқарастан талқылаў тийкарында көрип шығылды. Бул бағдарда усы жылдың сол дәўири ушын белгиленген режелер айырым аймақларда орынланбай атырғаны сынға алынды. Нәтийжеде сол аймақларда салық қарыздарлығы артып бармақта.

Орынлардағы жергиликли ҳәкимликлер, секторлардың басшылары елеге шекем бюджетке қосымша дәрамат дәреклерин анықлаў ҳәм тартыўдан гөзленген мақсетти терең түсинбей атырғанлығы атап өтилди. Бул бағдарда қаржы шөлкемлери тәрепинен қосымша дәрамат дәреклерин анықлаў бойынша үйрениўлер өткерилмей атырғаны, жумыс ислемей атырған юридикалық шахслардың жумысын қайта тиклеўдиң орнына тек ғана оларды тексерип, жумысын тоқтатыў менен шекленип атырғаны тийкарғы себеплер сыпатында көрсетилип өтилди. Ҳәр бир тармақта ҳәм аймақта атқарыў тәртибин беккемлеў, басшылардың жуўапкершилигин ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалып атырғаны айрықша атап өтилди.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер Президентимиз тәрепинен билдирилген терең сын көзқарастағы пикирлер тийкарында, тараўдағы бар кемшиликлер менен машқалаларды тез сапластырыў, белгиленген тапсырмаларды ҳәм режелерди ўақтында және нәтийжели орынлаў бойынша әмелий пикир-усыныслар билдирди.

ӨзА