Бизге мәлим болғанындай, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 14-декабрьдеги 361-санлы Қарары талапларына тийкарланып, Республика халқын таза үлгидеги биометрикалық паспорт пенен ҳүжжетлестирип болыў мүддети 2018-жылдың 30-июнь күни деп белгиленген.

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 1.254.000 пуқара биометрикалық паспорт пенен ҳүжжетлестирилиўи тийис. Ҳәзирги ўақытта олардан 1.116.000 пуқара биометрикалық паспорт пенен ҳүжжетлестирилген болып,  138.000 пуқара усы күнге шекем паспорт алмастырмаған.

Егер бул пуқаралар өз ўақтында ески үлгидеги паспортларын биометрикалық паспортқа алмастырмаса, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 223-статьясы менен жуўапкершиликке тартылады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда биометрикалық мағлыўматларға ийе паспортларға өтиў процеси 2011-жыл 1-январьдан басланған еди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги