1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен пайтахтымызда  31-май ҳәм 1-2-июнь күнлери аралығында «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар» атамасында Амир Темур бағы ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў бағында концерт бағдарламасы, «Туран» стадионында ғалабалық спорт илажлары өткериледи.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги хабар бермекте.

Балалардың кеўилли дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр түрли ертек ҳәм мультфильм қаҳарманлары, масқарапазлар қатнасады. Сондай-ақ, интерактив ойынлар өткериў де режелестирилмекте.

Бағдағы аттракцион ҳәм ойын қурылмалары балалар ушын бийпул хызмет етеди.

Илажда Нөкис қаласындағы 12-22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти, «Әмиў толқыны» фольклор этнографиялық ансамбли ҳәм басқа да эстрада қосықшыларының рәңбәрең, қызықлы композициялары тамашагөйлердиң нәзерине усынылады.

Соны да айтып өтпекшимиз, балалардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде 30-майдан 24-июнь аралығында Амир Темур бағында Өзбекстан мәмлекетлик цирки өзиниң ҳәр түрли бағдарламаларын балалар нәзерине усынады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме, толық мағлыўматлар берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы