Сиясий баспана ҳуқықлары бузылған шахсларға ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына бериледи.

Өзбекстан Республикасында сиясий баспана бериў ҳаққындағы өтиниш хаты формасын тастыйықлаў ҳаққындағы буйрық Әдиллик министрлигинде дизимге алынғанлығы ҳаққында министрликтиң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти, деп жазады ӨзА.

Ҳүжжет Өзбекстан Республикасында сиясий баспана бериў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық ислеп шығылған.

Еслетип өтемиз, сиясий баспана өзиниң пуқаралығы бойынша тийисли мәмлекетте ямаса турақлы жасаў орнында жәмийетлик-сиясий хызмети, диний исеними, расалық ямаса миллий өзине тәнлиги ушын қуўдаланып атырған яки қуўдаланыўдың жәбирлениўшиси болыўына реал қорқытыўлардан, сондай-ақ, халықаралық ҳуқық нормаларында нәзерде тутылған инсан ҳуқықлары бузылыўының басқа ҳалатларынан баспана ҳәм қорғаныў излеп атырған шахсларға ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.