30-май күни Жаслар орайында орта анраўлы билимлендириў оқыў орынларының оқыўшы жаслары арасында «Экология билимданы»  таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

 

 

Таңлаў Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети,  «ЭКОСАН» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фонды  ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фонды менен биргеликте шөлкемлестирилип,  оқыўшы жаслардың экологиялық билимлерин еле де тереңлестириў, өсип киятырған жас әўладты ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаў бойынша билим ҳәм көнликпелерин кеңейтиў және олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўден ибарат.

 

 

Таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан  13 команда қатнасып, «Танысыў», «Зийреклик», «Сораў-жуўап», «Презентация» шәртлери бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.

 

 

Жарыс жуўмағында Шымбай районындағы Кеңес аўыл хожалығы кәсип- өнер колледжиниң «Жас эколог» командасы биринши, Хожели районындағы медицина колледжиниң «Eco life» командасы екинши, Нөкис  медицина колледжиниң «Экомед», Қанлыкөл педагогика колледжиниң «Жас эколог», Елликқала медицина колледжиниң «Экосан» командалары  үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

 

 

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы