3 жылда бир мәрте перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша «Тараққиёт» республикалық таңлаўы өткериледи. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-майдағы «Перспективалы басқарыў кадрларын таңлаў тийкарында сайлап алыўдың заманагөй системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында, буннан былай 3 жылда бир мәрте перспективалы басқарыў кадрларын сайлап алыў бойынша «Тараққиёт» республикалық таңлаўы өткериледи.

Таңлаўда таяныш жоқары мағлыўматқа ҳәм тийисли тараўда басшылық лаўазымында кеминде үш жыллық жумыс тәжирийбесине ийе, 30 жастан 45 жасқа шекемги болған (45 жас та қосылған ҳалда) Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет етип атырған қатнасыўшылардың таңлаўда қатнасыў дәўиринде олардың ийелеп турған лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақланып қалынады.

Таңлаў жеңимпазларына ең кем мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында, финаллық басқыштың қалған қатнасыўшыларына болса – ең кем мийнет ҳақының 25 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төленеди. Бунда таңлаў финаллық басқыштың қалған қатнасыўшылары тийисли тараўдың басқарыў кадрлары резервине киргизиледи.

Таңлаў жеңимпазлары «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курсларда оқыўы ҳәм усы курсларда оқығаннан кейин тийисли бағдарлар бойынша мәмлекетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларына тайынланыўы белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги