Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының жәмәәти Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде мийманда болып, тәрбияланыўшыларды жақынласып қалған байрам менен қутлықлады.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, ғәрезсиз елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында балалардың бахытлы келешеги, олардың оқып билим алыўы, келешекте кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын барлық шараятлардың жаратылғанлығын айрықша атап өтти. Соның ишинде, соңғы жыллары  «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының өмиринде де айтарлықтай қуўанышлы ўақыялар жүз бермекте.

1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен тәрбияланыўшыларға түрли саўғалар тапсырылды. Өз гезегинде  бундай айрықша ғамқорлығы ҳәм итибары ушын пуқаралардың ҳуқықый мәплерин қорғаў жолында аянбай мийнет етип киятырған Ҳәкимшилик судының жәмәәтине өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

-Ҳәкимшилик судының жәмәәти бизде тез-тез мийманда болып, ҳал-жағдайымыздан хабар алып турады,-дейди «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшысы Үмида Турсынбаева.-Сонлықтан да олардың ҳәр бир келгени бизлерге айрықша қуўаныш және шадлық бағышлайды.

Мийманлар бул жерде балаларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Илаж «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.