Шымбай районындағы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қарақалпақ классик әдебиятының белгили ўәкиллери болған Күнхожа Ибрайым улы ҳәм Бердақ Ғарғабай улына арналған естелик комплекси бой тиклемекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Мағлыўматта жазылыўынша, қурылыс жумыслары жақын күнлерде басланған.

Мағлыўмат ушын, бул жерде белгили бақсы Ақымбет бақсының естелиги орналасқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги