Алдын хабар бергенимиздей, бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында «Саҳра бүлбиллери – саҳрадағы Лувр» республикалық классикалық музыка фестивалы болып өтеди.

Төменде фестиваль шеңберинде болып өтетуғын илажлар, олардың өткерилиў орынлары ҳәм ўақты көрсетилген мағлыўмат пенен танысыўыңыз мүмкин.

 

10:00 – 10:15 – Музей алдында фестиваль қатнасыўшыларын ҳәм мийманларды күтип алыў.

10:15 – 10:30 – Музей фойесинде квартет атқарыўындағы концерт.

10:00 – 12:00 – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында классикалық вокал ҳәм саз әсбап музыка атқарыўшыларының республикалық таңлаўы.

10:00 – 12:30 – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Шығыс халықлары музыка мәдениятында классикалық музыканың орны ҳәм әҳмийети» атамасындағы илимий-әмелий конференция.

 

14:30 – 16:30 – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейин тамашалаў.

16:30 – 18:00 – Музей алдында жергиликли өнерментлердиң көргизбеси.

18:00 – 20:00 – Музей алдында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм фестиваль гала-концерти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.