Нөкис гарнизонының Офицерлер үйинде  әскерий хызметкерлердиң қатнасында «Биз диний экстремизмге қарсымыз!» темасында ушырасыў болып өтти. 

Илажда Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худайбердиев шығып сөйлеп, елимиз өзиниң ғәрезсиз раўажланыў жолында қандай табысларға ерискен болса, булардың бәршеси мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тыныш-татыўлың қәдирине жетиўге, миллетлер аралық дослық, өз-ара  ҳүрмет және мийрим-шәпәәтликтиң нәтийжеси екенлигин айрықша атап өтти. Сонлықтанда усы тынышлықты сақлаў, дүньяның айырым еллеринде жүз берип атырған бузғыншылық ҳәрекетлерден, кеңпейил және мийнеткеш халқымыздың тыныш-татыў турмысын, перзентлеримиздиң бахытлы келешегин көре алмайтуғын жаўыз күшлерден сақлаўға өз үлесимизди қосыў бәршемиздиң әдиўли миннетимиз болып табылады. Бунда биринши гезекте әскерий хызметкерлерден айрықша пидайылық ҳәм жанкүйерлик талап етиледи.

Ушырасыўда Арқа-Батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының ўәкиллери шығып сөйлеп,  диний экстремизм ҳәм терроризмгниң аянышлы ақыбетлерин турмыслық мысаллар менен келтирип өтти ҳәм қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен өткерилген илаж соңында диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли бағдарлары, сақлық және қырағылықты күшейтиў, кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди еле де жетилистириў, жасларда миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, социаллық ҳәм диний  кеңпейиллик сыяқлы  пазыйлетлерди қәлиплестириў мәселелери бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.