Пайтахтымыздағы Жаслар орайында районлық ҳәм қалалық Халық билимлендириў бөлимлериниң арнаўлы оңлаў-эксплуатация хызметине автомашиналар тапсырыў салтанаты болып өтти.

 Илажды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов жыйналғанларды жаңа хызмет автомашиналарының тапсырылыўы менен қутлықлап, ҳүрметли  Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўының жумысларын жетилистириў, оларды қоллап-қуўатлаў және хошаметлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң   2017-жыл 21-августтағы «Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелерин қаржыландырыў механизмин және мәмлекетлик қаржыларды қадағалаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  районлық ҳәм қалалық Халық билимлендириў бөлимлеринде жаңадан қәнигелестирилген оңлаў-эксплуатация хызмети шөлкемлестирилди. Олар бөлимлерге қараслы имарат ҳәм қурылмаларды тийисли эксплуатациялаў, суў, электр энергиясы, тәбийғый газден үнемли пайдаланыў, оларды есаплаўшы әсбап-үскенелердиң жағдайын мониторинг етиў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды атқарады.

Салтанатта Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Д.Изетуллаев, Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы А.Йўлдашев, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Қ.Уматов айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.

-Жаңа хызмет автомашиналарының тапсырылыўы ең шетки аймақларда жайласқан улыўма билим бериў мектеплерине өз ўақтында сапалы хызмет көрсетиў имканиятын береди,-дейди Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлими арнаўлы оңлаў-эксплуатациялаў хызметиниң баслығы Қайрат Қайпов.-Районымызда 16 улыўма билим бериў мектеби,  бир «Бәркамал әўлад» орайы болып, соннан 14 ҳәм 15-санлы улыўма билим бериў мектеплери «Қазақдәрья»,  16, 17 ҳәм 18-санлы улыўма билим бериў мектеплери «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында жайласқан.

Илаж соңында районлық ҳәм қалалық Халық билимлендириў бөлимлериниң арнаўлы оңлаў-эксплуатация хызметлерине 28 дана «Дамас» маркалы автомашинаның гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

                                                                                                                                                                               Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.