Фото: Рашид Қартбаев өз өнимлери менен

Халқымыздың ертеклериниң биринде бир ғарры үш баласына пайдасыз бир-бир нәрседен таўып келиўин тапсырып, балалары оны излеп кетип, еки үлкен баласының биреўи жерде жатқан бир шөп, екиншиси бир сүйек пенен қайтып келгенинде, киши баласы ҳеш нәрсесиз қайтып келеди. Атасы оннан себебин сорағанында ол ҳеш жерден пайдасы тиймейтуғын затты таба алмағанлығын айтады. Сол заманда шөптен тис шуқлағыш, ал сүйектен ийне соғылады екен.

Сөз етпекши болып турған қаҳарманымыз усындай дәрежеде жоқтан жонып, пайдасыз деп шығындыға шығарылған затлардан өним ислеп шығарып, миллионлап пайда көрип атырған заманымыз қаҳарманларының бири, мийнеткешлиги менен Нөкисте көпшиликке белгили болған инсан Рашид Қартбаев болып есапланады.

– 1997-жылы Дүнья жүзин велосипедте айланып, Нөкисти дүньядағы ең патас қалалардың қатарында айтып кеткен бир немис саяхатшысының пикирин еситип, менде бир пикир пайда болған еди. Сол ўақытлары Нөкис шынында да оғада патас қала еди. Оның тазалығын сақлаў мақсетинде 4-5 жигит пенен биригип, «Тазалық орайы» атлы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дүздик. 21, 22, 23 ши киши районлардың аймағын тазаладық. Бир күнлери қала сыртындағы патаслық төгилетуғын орынға барып көрсем тасландылар таў болып кетипти. Оған қарап ойланып еки сааттай отырып қалыппан. Сол жерде усы жердеги шығындылардан өним ислеп шығарыў идеясы пайда болды.

Бул жумыс айтыўға аңсат та, бирақ әмелге асырыў қыйын болды. Көп изленип, сорастырып, үйренип, үш жыл өтип, шығындыға тасланған баклажка, целлофан пакет сыяқлы полиэтилен қыйындыларынан труба ислеп шығарыўшы үскенени ислеп шығардым. Усы «Мустанаб-Ҳилол» ЖШЖ кәрханамыз 2001-жылы дәслепки өнимлерин бере баслады. Дәслеп өзим жасаған киши районлардың аймағындағы 250 жайдың трубаларын өзгерттим. Олардың ҳәр бирине диаметри 25 миллиметр болған 40 трубаны саўға ретинде бердим. Алдын базарда трубаның баҳасын 10 000 сум деп турған болса, мен оның баҳасын 3000 сумға дейин түсирип жибердим,-дейди Р.Қартбаев.

Сәўбетлесиў даўамында ол бизге усы киши районлардағы көплеген жайдың астына түсип қалайынша тазалағаны, кеселлик тарқатып атырған шыбын-ширкейлерге қарсы қалай гүрескени, халық арасында тазалықты сақлаў бағдарында әмелге асырған  үгит-нәсият илажлары туўралы бир қатар ўақыяларды айтып берди.

– Бир күни,-дейди ол, – бир жайдың астына трубасын көриў ушын түстим. Күн суўық еди. Подвалдың астындағы үсти муз болып қатып қалған шығынды суўлардан өтип баратырғанымда ойылып кетип, былғандым да қалдым. Жуўынайын десем, ҳеш бир адам үйине киргизбейди. Қатты суўықта жаяўлап узақ жол басып, жумысқа келип тазаланып алдым. Себеби, таксилер де мингизбей кеткен еди.

Жайлардың подвалларын дәрилеў пайытында денсаўлықтан да айрылайын дедим. Дәрилерди мутқа беретуғын едим. Соң адам жаллап, дәрилейтуғын болдық.

Бүгинги күнде бул кәрхана тек труба өнимлерин емес, басқа да бир қатар өнимлерди ислеп шығармақта. Қаҳарманымыздың тағы бир жаңалығы труба өнимлерин ислеп шығарыўдан шыққан шығындыларды да тасламай, оннан полимер шифр, брусчатка ислеп шығара баслағаны болды.

Жақында ол патаслық төгилетуғын орындағы тасланды кийим, таўарлардан дийўал ушын суйық обой, тасланды сүйеклерден сүйек уны өнимлерин шығара баслады.

– Бүгинги күни кәрханамызда 47 адам жумыс ислейди. Буннан басқа ҳәр бир шығынды таслаў орынларынан, қаламыздың көшелеринен бизге керекли шығындыларды алып келиўши адамлар да көп. Кәрханамыз жылына  365 тоннаға шамалас пакет, пластмасса шығындыларын қайта ислейди.

Кәрханамыз иске түскен дәслепки 2001-жылда 80 миллион сумлық өним ислеп шығарған болса, … 2014-жылы 410 миллион 367 мың, 2015-жылы 695 миллион 866 мың, 2016-жылы 761 миллион 646 мың сумлық өним ислеп шығарды. Усы жылдың 6 айында болса, ислеп шығарған өнимлеримиздиң баҳасы 713 миллион сумнан асып кетти. Жыл ақырына келип оның көлеми миллиард сумнан асады, деген нийеттемиз.

Қаҳарманымыз Рашид Қартбаев 1997-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. Қәнигелиги – биолог. Р.Қартбаевтың кәрханасы пайтахтымыздың шетиндеги қумда жайласқан болса да, қум үстине қаўын, пахта, палаўқабақ сыяқлы егинлерди өсирип қойыпты. Ҳәтте, гүжим де еккен екен. Тасландылардағы азық-аўқат шығындыларынан да утымлы пайдаланып, жигирмалаған шошқа бағып атырыпты. Таярлаған сүйек унынан жемге араластырып берип, 300 дей шөже тәрбиялап атырыпты.

– Буның бәрин мен балаларым үйренсин деп ислеп атырман. Бурынлары жемлердиң рационында сүйек уны көп болатуғын еди. Оның қурамында жилик майы, калций ҳәм басқа да пайдалы элементлер көп болады. Сол себепли үй ҳайўанлары ушын оғада пайдалы. Ҳәзирги ўақытта ҳәкимиятларға, тийисли мәкемелерге шығып, өзим сақлап атырған шөжелерди көрсетип, оның пайдалы тәреплерин үгит-нәсиятлап атырман,-дейди ол.

Ол усы жылдың ақырына шекем тағы бир жаңалық енгизетуғынлығы туўралы айтып еди, бирақ еле әмелге аспағаны ушын ол туўралы айтпаўымызды өтиниш етти.

Усы жерде айта кететуғын нәрсе, бул кәрхана Өзбекистан бойынша  шығындылардан өним ислеп шығаратуғын бирден-бир кәрхана болып есапланады.

Әлбетте, излесек елимизде бундай адамлар көплеп табылады. Оның айырмашылығы қаламыздың тазалығын сақлаўда, пайдасыз деп шығындыға шығарылған ҳәр қандай заттың пайдалы тәрепин анықлап, сапалы ҳәм керекли өнимлерди таярлаўында, солай етип экологиялық қыйыншылықларды басынан кеширип атырған халқымызға аз да болса жәрдемин тийгизиўинде көринеди.

Төменде Р.Қартбаевтыӊ кәрханасы тәрепинен шығарылып ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыўыӊыз мүмкин (Фото).

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.