26-май күни Арқа-батыс әскерий округинде биринши мәрте улыўма билим бериў мектеплериниң 10-класс оқыўшылары арасында «Темурбеклер» әскерий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.                                                                                            

          

 Жарыс Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қорғаныў ислери басқармасы, Ишки ислер министрлиги, Ден саўлықты сақлаў минисрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оның мақсети-миллий спорт ойынларын мәҳәллелерде, халық ҳәм жаслар арасында үгит-нәсиятлаў, жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, олардың арасында миллий спорт байланысларын жолға қойыўдан ибарат.                                                                

Жарыстың финал басқышына 5 команда 9 шәрт бойынша қатнасты. Жарыс жуўмағында Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Лашын» топары биринши, Шоманай районындағы  9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Туран» ҳәм Хожели районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Мангуберди избасарлары» топары екинши, Төрткүл райондағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Үмит» топары үшинши орынды ийеледи.                                                                                        

Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған кубок, диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги