Қанлыкөл районында этномәдений мийраслардың сақланыўы, миллий өнерментшилик ҳәм халық сазлары мийрасларын үгит-нәсиятлаў, ишки туризм бағдарындағы имканиятларды жүзеге шығарыў мақсетинде «Etno Karavan saray» мәдений фестивалы болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң  усы жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда, соның ишинде Қанлыкөл районында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде исленип атырған әмелий илажларды кең жәмийетшиликке таныстырыў, соның менен бирге үгит-нгәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген фестиваль бул бағдардағы дәслепки қәдемлердиң бири болды десек, асыра айтқан болмаймыз. Илаж қатнасыўшылары орынларда усы бағдардағы жумысларды, районның ишки туризмди раўажзландырыў имканиятларын көзден өткерип, буның айқын гүўасы болды.

Район ҳәкимлигиниң басламасы менен республикамызда бириншилерден болып шөлкемлестирилген илаж бағдарламасына муўапық мийманлар дәслеп райондағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Тайыр қара хожа» фермер хожалығында болып, жумыслар менен танысты. Пал ҳәррешилигине қәнигелестирилген бул хожалық 2011-жылы шөлкемлестирилген. Дәслеп Хорезм ўәлаятыннан алып келинген 28 қуты менен жумыс баслаған болса, бүгинги күни олардың саны 50 ге жетти. Мыңда бир дәртке даўа болған пал өнимлери район халқына арзан баҳаларда сатылмақта. Ҳәр бир тараўдың өзине тән қыйыншылықлары бар. Ҳаўа райының, соның ишинде қыс айларының қолайсыз келиўи пал ҳәррешилерден айрықша мийнетти талап етеди. Солай да болса, фермер хожалығында келешекте алынатуғын өним муғдарын көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў нәзерде тутқан. Фермер хожалығының ис жүргизиўшиси Тәжибай Нурметов бул бағдардағы жумыслар менен жақыннан таныстырды.

Райондағы «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы балықшылыққа қәнилегестирилген «New Goiden Lake» фермер хожалығында әмелге асырылған жумыслар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. «Балықшылар аўылы» деп аталған бул жердеги 6,5 гектар майдандағы жасалма ҳәўиз әтирапы туристлерди өзине тартары сөзсиз. Миллий нағыслар менен безетилген қара үйлерде сол ўақытта услап әкелинген балықтан түрли тағамлар таярланады. «Бостон овощ» фермер хожалығы шөлкемлестириўинде ашылған бул жерде 22 жаңа жумыс орны жаратылды. Ерте бәҳәрде  ҳәўизге 30 мың дана ҳәр қыйлы балық шабақлары тасланып, бүгинги күни өсип раўажланбақта. Фермер хожалығының баслығы Тимур Садықовтың атап өткениндей, жақын күнлерде көлдиң майданын 30 гектарға жеткериў, солай етип, туристлерди бул жерге көбирек тартыў режелестирилген.

  «Ер жигиттиң бир мурады ат болар..»,-дегениндей, өткен жылы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында тек районда емес, ал республикамызда бириншилерден болып жылқышылыққа қәнигелестирилген «Алым сейис» фермер хожалығы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде «Қарабайыр», «Английский» породаларына тән 80 бас жылқы бағылмақта. Бундағы мақсет, халқымызды жылқы гөши ҳәм қымыз бенен тәмийинлеў, республикамызда ат спортын раўажландырыўға өз үлеслерин қосыў болып табылады. Соның менен бирге, хожалықта түйешиликти раўажландырыў да қолға алынбақта.

Әзелден республикамызға белгили шабандозлар династиясынан болған фермер хожалығының ағзалары, район, республикамыз көлеминде өткерилип киятырған байрамларда, халқымыздың тойларында ат жарысларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Фермер хожалығының жумыслары фестиваль қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды.

Район ҳәкимлигиниң басламасы менен  «Қанлыкөл» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында «90-жыллар»дың музейи шөлкемлестирилген. Мийманлар бул жерде болып, экспонатлар менен жақыннан танысты. Бир қызық жери, музейде халқымыз өткен әсирдиң 90-жыллары пайдаланған электротехника буйымлары (телевизорлар, компьютерлер, калькуляторлар, магнитофон, аудио ҳәм видео аппаратуралары, телефонлар ҳ.т.б.) сақланбақта.

Соның менен бирге, илаж қатнасыўшылары «Бахытлы» дем алыў орайындағы «Китаплар естелиги» монументинде де болды. Халқымызды, әсиресе жасларды китап оқыўға, билим алыўға шақыратуғын бул естелик  художник Полат Абдреймов тәрепинен исленген. Естелик әтирапы абаданластырылып, район халқының дем алатуғын орынларының бирине айланған.

Районда ишки туризмди раўажландырыў бағдарында «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Әсел-Ләззет» жеке меншик кәрханасы тәрепинен «Арба» туристлик мәдений орайы ҳәм этнокафе өз жумысын баслады. Бул жерде туристлердиң мәдений дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, түрли миллеттиң миллий тағамлары таярланып, концерт бағдарламасын тамаша етиўине болады.

«Etno Karavan saray» мәдений фестивалы миллий кийимлердиң көргизбеси ҳәм республикамыз көркем өнер шеберлериниң гала-концерти менен жуўмақланды.

Әлбетте, район ҳәкимлиги, мәпдар шөлкемлер тәрепинен ишки туризмди раўажландырыў бағдарында жойбарлар енди қолға алынып атыр. Келешекте бул жерлер тек елимиз пуқараларының ғана емес, ал, бир қатар шет еллерден келген туристлердиң сүйикли дем алыў орынларының бирине айланатуғынлығына исеним билдирип қаламыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.