Усы жыл 25-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университитенде Өзбекстан олимпиада комитети тәрепинен жоқары оқыў орынлары студент жаслары арасында спорттың мини футбол түри бойынша «Олимпиада жулдызлары» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.                                                       

Оған республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларының спортшылары қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университитиниң командасы биринши, Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институтының командасы екинши, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги