2627-май күнлери пайтахтымыздағы  Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып 20022003-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында «Кураш бизиң миллий байлығымыз» сүрени астында Өзбекстан

 «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң кубоги өткерилди.

Кубок ойынларына  республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 12 команда, 130 дан аслам спортшы (соннан 48 қыз балалар) қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында Хожели районы спортшылары бириниши, Нөкис қаласы спортшылары екинши, Қоңырат районы спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған кубок, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги