Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен  ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаў болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасы, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басшылары, министрликлер менен шөлкемлердиң  ўәкиллери, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий пенсионерлер қатнасты.

 

 

Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худайбердиев сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасындағы әскерий бөлимлерде хызмет атқарып атырған әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий пенсионерлерди социаллық жақтан қорғаў, олардың ҳуқық және еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти. Мүрәжатлар арқалы халқымыздың, соның ишинде әскерий хызметкерлердиң турмысындағы ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалар үйренип шығылып, шешими тәмийинленбекте.

 

 

Атап айтқанда, Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, барлық әскерий бөлимлерде, әскерий посёлкаларда, шегераға жақын жайласқан аймақларда, өзинөзи басқарыў уйымларында әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, әскерий пенсионерлер және пуқаралар менен турақлы түрде ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте.

 

 

Бул ретки илажда  176 әскерий хызметкер, олардың шаңарақ ағзалары, әскерий пенсионерден келип түскен мүрәжатлар көрип шығылып, тийисли мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери тәрепинен көрип шығылды ҳәм айырымлары сол жердиң өзинде шешимин тапты.

Жуўмақлап айтқанда, бундай ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаў әскерий хызметкерлердиң машқалаларын шешиў, олардың хызмет ўазыйпасын инабатлы атқарыўы ушын шараятлар жаратыў ҳәм нәтийжелелигин арттырыўға имканиятын бермекте.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.