26-май күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң XXXVII сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмаилов, Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, бир қатар министрликлер менен ведомостволардың ўәкиллери, район ҳәкиминиң орынбасарлары, район аймағындағы кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны район ҳәкими Д.Утемуратов басқарып барды.

Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, пуқаралардың ҳуқық және еркинликлерин тәмининлеў бағдарында  әмелге асырылып атырған илажлардың барысын үйрениў нəтийжелери көрип шығылды.

Бул бойынша Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты З.Ханиязов кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, атап өтилген мәселе шеңберинде районда соңғы жыллары айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тиккелей басламасы ҳәм ғамқорлығы астында районда бир қатар инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы көплеген жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын бермекте. Соның менен бирге, пуқаралардың келип түсип атырған ҳәр бир мүрәжат мәпдар уйымлар тәрепинен өз ўақтында көрип шығылып, олардың шешими бойынша тийисли илажлар көрилмекте. Деген менен айрым машқалалардың да орын алып атырғанлығы сынға алынды.

Сессияда район халқының денсаўлығын қорғаў, аўыллық шыпакерлик пунктлериниң және шаңарақлық поликлиникалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың барысы көрип шығылды.  Бул бойынша районлық медицина бирлеспесиниң баслығының орынбасары Б.Алламуратов, районлық қаржы бөлими баслығының орынбасары Р.Бердимуратов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қараөзек районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары, районлық Кеңестиң депутаты М.Гүлимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, атап өтилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарылатуғынын билдирди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмаилов районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында алда турған әҳмийетли ўазыйпалардың шешими бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы