Қазақстанның Inform.kz басылымының жазыўынша, екшемби күни басланған дузлы қум даўылы Арал теңизиниң жағалаўларынан көтерилген.

Өзгидрометтиң мағлыўматларына қарағанда, Нөкис қаласында 40 градус ыссыдан кейин бирден күн салқынлап, ҳаўа температурасы +20 – +22ºС ге шекем түскен. Бираз жаўын жаўған. Соның менен бирге, күшли самал есип, Арал теңизиниң дузлы қумларын Қарақалпақстан ҳәм Хорезмге қарай ушырып келген. Самалдың тезлиги секундына 20-22 метрди қурады, – деп жазылған хабарда.

Ҳәзир ўақытта самал есиўи тоқтады. Деген менен, қумлы шаңқыт еле толық басылып үлгермеди. Нөкис қаласының айрым турғынлары дем алыўдың қыйынласқанлығынан арнаўлы маскалар тағып жүр.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.