Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2018-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3630-санлы қарарының ҳәм 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы ПФ-5386-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Төрткүл районындағы «Шорахан» ҳәм «Уллы бағ» аўылларында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты хабар бермекте.

Турақ жайлардың жоқары тәреплери ҳәм бастырмаларын қурыў, әтирапты абаданластырыў, жолларды қайта оңлаў, электр линиялары ҳәм жақтыландырыў шырақларын орнатыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги