«Ақмаңғыт таңы» газетасының редакторы Әбдималик Хожаназаров 25-май – оқыў жылының жуўмақланыўына бағышланған кешеде өзи оқыған Нөкис районындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң китапханасына 35 атамадағы 50 дана китап саўға етти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Буннан гөзленген мақсет – оқыўшылардың руўхый-ағартыўшылық өмиринде китаплардың орнын арттырыў, жас әўладты интеллектуал жақтан раўажланған, руўхый баркәмал инсанлар етип тәрбиялап, олар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыўдан ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги