Усы жыл 24-май күни Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында «Жас сиясатшы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген 14 жас сиясатшылар өз-ара беллести.

Таңлаўда қатнасыўшылар үш шәрт бойынша сынаўдан өтти. Биринши шәрт «Социаллық жойбардың инновациялық презентациясы» деп аталып, онда қатнасыўшылар өзи жасап атырған аўыл-аймақлардағы социаллық машқалаларды үйренип шығып, халық пенен пикирлесиў арқалы машқаланың шешимин таўып жойбар түринде усыныс етеди. Бунда жаслардың көплеген жаңалықлары көзге тасланды. Биреўлери өз аўылындағы машқаланы қараз қурып хызмет көрсетиўди раўажландырыў, басқалары жаслардың ҳуқықый билимлерин арттырыў, пикирлесиў клубларын шөлкемлестириў, китап дүканын ашыў сыяқлы бир қатар идеяларын ортаға таслады.

 

 

Таңлаўдың екинши шәрти «ТОП 10 китап» деп аталып, бунда жарыс қатнасыўшыларына оқып таярланыўы ушын оларға алдыннан хабар етилген 10 китаптан 5 сораўдан берилип, жуўаплары баҳалап барылды. Ал, Үшинши шәртинде олар Өзбекстан Республикасы Президентиниң баянатларына шолыў жасап, пикирлерин билдирип өтти.

 

 

 Өзбекстан Халық демократиялық партиясы «Келешек» жаслар қанаты тәрепинен көп жыллардан берли өткерилип киятырған «Жас сиясатшы» таңлаўына быйыл 10 жыл болды,-дейди партияның Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов. – Таңлаўдың тийкарғы мақсети – елимиздеги демократиялық реформаларды еле де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда жаслардың белсендилигин арттырыў, Конституция ҳәм нызамларға ҳүрмет сезимин беккемлеў, халықты социаллық қорғаўда жаңа иннновациялық идея ҳәм басламаларға тийкарланған презентацияларды ислеп шығыў болып есапланады.

Таңлаў бағдарламасында ӨзХДПның сайлаўалды платформасы ҳәм Ҳәрекет бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған идеялар жәмленген болып, оларда жаслар мәселелерине, басламаларды қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылған.

 

 

Таңлаўда жеңимпазлар анықланып, Мойнақ районынан Сапура Қайыпназарова биринши, Қоңырат районынан Наргиза Төребаева екинши, Қанлыкөл районынан Тимур Муратбаев үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм номинациялар бойынша жеңимпаз болғанлар партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўда жас қосықшылардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).