ХIХ әсирде Өзбекистанныӊ Үстирт кеӊликлеринде көп санда гезлесетуғын түркмен қуланлары (илимий тилде лат. Equus hemionus onager, яғный онагр деп аталады, грекше onos-ешек, agros-дала) ХХ әсирдиӊ 30-жылларына келип пүткиллей қырылып-жойылып кеткен еди.

Қулан Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамыныӊ Қызыл китабына, Жоғалыў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниӊ халықаралық саўдасы ҳаққындағы Конвенцияныӊ (СИТЕС) Қосымшасына (CITES – ингл. Convention on International Trade in Endangered Species of Wild Fauna and Flora) ҳәм Өзбекистан Республикасыныӊ Қызыл китабына жабайы тәбиятта жоғалып баратырған ҳайўанат түри сыпатында енгизилген.

Қуланлар Үстирт шөллеринде ҳәм ярымшөллеринде азықланады. Жазда  тийкарынан шағын үйирлер менен суўатлықларда гезлеседи, ал қыста үлкен үйирлерде шөл бойлап көшип жүреди.

2014-жылы жазда илимпазлар Қарақалпақстанныӊ Түркменстан менен тутасқан арқа-батыс шегарасында 9 қуланнан ибарат үйирди анықлады.

Бул бойынша ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими профессоры, биология илимлериниӊ докторы Светлана Мамбетуллаева былай дейди:

— Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы генофонды тәрепинен шөлкемлестирилген экспедицияда Өзбекистан ушын   биринши рет қаракалпақ Үстиртиниң қубла-шығыс тәрепинде куланның барлығы анықланды. Қуланлардыӊ Қарақалпақстанда қайтадан пайда болыўы оғада әҳмийетли жаӊалық. Ҳәммеге мәлим, Арал теӊизиниӊ қурыўы менен аўыр экологиялық дағдарыс жүзеге келип, апатшылық ақыбетинде Аралбойы аймағында бирқанша биотүрлилик жоғалып кетти. Мәмлекетимизде суў ҳәм суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў нәтийжесинде аймақта бирнеше ветландлар, жасалма суў ҳәўизлери пайда болды. Бул өз гезегинде биотүрлиликтиӊ раўажланыўына себепши болмақта. Нызамсыз аўға Ҳүкимет тәрепинен кескин шек қойылыўы да жабайы фаунаныӊ раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизбекте. Мине қуланлардыӊ елимизге келип баслаўы тийкарынан усы еки факторға байланыслы.

Қуланлардыӊ санының өсиўине және бир себеп Түркменстан менен Өзбекистан территориясы (Қарақалпақстан) шегарасына халық жасайтуғын пунктлердиӊ узақлығы, жолдың қыйынлығы ҳәмде шегара режиминиӊ сақланыўы. Ҳәзирги қуланлар жасап атырған жерге адамныӊ аяғы жетиўи бираз мүшкил. Қуланларды сақлаўымыз керек, олардыӊ бас санын көбейтиўимиз керек. Қуланларды сақлаў ушын олардыӊ жасаў орны шәраятын, от-жем базасын, азықланыў жағдайларын жақсылаў ҳәм тәбийғый душпанларынан қорғаў бойынша турақлы мониторинг алып барыў керек. Аралбойы аймағында, атап айтқанда, Барсакелмес, Шақпақты, Ассаке-Аудан ойпатлықларында қорықхана ҳәм заказниклер шөлкемлестириў лазым.

Қуланлардыӊ бар екенлигин Сарықамыс көлиндеги балықшылар да тастыйықлайды. Олардыӊ билдириўинше, аймақта қуланның 20 особтан ибарат топары жийи-жийи көзге тасланып турады.

Дүньяжүзилик Жабайы Тәбият Фонды (WWF), Германияныӊ DAAD шөлкеми қаржыландырыўы менен Өзбекистан Тоғай хожалығы Бас Басқармасы ҳәм Михаэл Зукков Фонды  (Германия) шериклигинде 2012-2014-жыллары қарақалпақ Үстирти ҳәм арқа Сарықамыс ҳәўизи аймағында өткерилген экспедициялық жумыслары нәтийжесине көре (бул жумыс пенен www.naturalresources-centralasia.org сайты арқалы танысыўыӊыз мүмкин) бул аймақларда тәбиятта толық жоғалып кетиў қәўпи астында турған Үстирт арқарларыныӊ, Үстирт жәйранларыныӊ, порсықлардыӊ, түркмен қуланларыныӊ жасайтуғынлығын мәлим етеди ҳәм оларды сүўретке алыўға мияссар болады (Төменде усы Экспедия даўамында түсирилген фотоларды нәзериӊизге усынамыз).

Аралбойында экологиялық шәраяттыӊ жақсыланыўы нәтийжесинде қуслардыӊ түрлери де көбеймекте. Мәселен, кейинги он жыллықта тәбиятта сийрек ушырасатуғын фламинго қусларыныӊ да көплеп келиўи ҳәм аймақтағы ветландларда, атап айтқанда, «Судочье» көллер системасында уя қойыўы илимпазлар тәрепинен ашылған әҳмийетли жаӊалық болды ҳәм бул жаӊалықты халқымыз унамлы қубылыс сыпатында баҳаламақта.

2012-2014-жыллары қарақалпақ Үстирти ҳәм арқа Сарықамыс ҳәўизи аймағында өткерилген экспедицияда түсирилген фотолар 

Қарақалпақстан хабар агентлиги