Усы жылдың 14-сентябрь күни Мойнақ қаласындағы «Корабльлер қойымшылығы»нда абстракт электрон музыкалар фестивалының өткерилиўи режелестирилмекте.

Мағлыўматларға қарағанда, фестивал Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик туризм комитетиниң қоллап-қуўатлаўында шөлкемлестирилип, Мойнақтағы «Корабльлер қойымшылығы» естелиги жанындағы сахнада өткериледи. Бунда музыка даўысының теңиздиң қурыған ултаны тәрептен келиўи айрықша өзгешелик сыпатында қаралмақта.

Бул ҳаққында усы жылдың 30-апрель сәнесинде тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 24/1-232-санлы протоколында баян етилген.

Фестивалдың мақсети – Арал теңизиниң бүгинги аўҳалы ҳаққында дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын қаратыў, суўдан үнемли пайдаланыўға шақырыў ҳәм Арал теңизин қайта тиклеў бойынша жуўапкершиликти арттырыўдан ибарат.

Фестивалдан түсетуғын қаржылар Арал бойын раўажландырыў ушын жумсалады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.