Май айында 2-3 күнге келетуғын қатты самалды халық данышпанлары «Қуралай салқыны» дейди. Жасы үлкенлердиң айтыўынша, оның бундай аталыўының себеби, сол ўақытта кийиклер балалап,  қуралайын  суўық жерден аяққа турғызып, жуўыртады. Кийиклердиң балалайтуғын ўақты, самалға қарсы жуўырған жағдайда ғана олар балалаўға қәбилетли болады екен. Олардың балалары қуяшлы ыссыға шыдамайды, соның ушын ҳәр жылы бәҳәрдиң үшинши айы болған майда тәбияттың күши менен қатты суўық самал болады. Кийиклердиң балалаўы еки-үш күнге созылады. Бир әжайып тәрепи кийик қаншелли көп болса да, «қуралай салқыны» ўақтында балалап үлгереди. Сонлықтан, балалағаннан кейин жаз толық өз күшин көрсетеди екен.

Қуралай салқынының және бир қызық тәрепи гөшти қатты жақсы көретуғын жыртқышлар да сол ўақытта кийиктиң гөшине жақынлай алмай қалады екен. Ал бул ўақытта сайғақлардың барлығы балалап, қуралайлары аяғына турып кеткен ўақытта қасқырда гөшке қызығыўшылығы артады.

Адам ата жерге түскеннен кейин барлық жәнлик Уллы Алла Тааланың орынбасарын көргиси келипти. Сол ўақытта ең биринши мәрте Адам атаны көрген сайғақ екен. Ол «Алланың халифасы жерге түсти» дегенди еситкенде Үстирт даласынан Жидда таўына қарай жортады. Ол ўақытта Адам ата менен Ҳаўа ене Жидда таўының етегине жай салып, тиришилик етип атырған екен.

Сайғақ узақ жол жүрип, шаршап, Адам атаның турақ жайына жеткен гезде қулайды. Адам оны көтерип алып, үйине әкеледи да оған әнжирдиң жапырағын берип сақлапты. Адам ата меҳир-мухаббат пенен оның тумсығынан сыйпалағанды жақсы көреди екен. Пайғамбардың қолы тийгени ушын кийиктиң тумсығы басқа ҳайўанлардан өзгеше, сулыў екен. Арқасынан сыйпағанда, денесинен хош ийис шығыпты. Аяғынан сыйпағанда туяғына жан енипти. Қус жеткермейтин жүйрик жәниўарға айланыпты. Туяғы мың түрли аўырыўға ем болыпты. Көзинен сүйгенде бети сулыўланып, шырайлы ҳайўанға айланыпты. Шақынан услағанда оған да шыпа бериўшилик қәсийет енипти. Пайғамбардың алақаны белине тийгенде, буўаз ўақтында ишиндеги елигиниң жынысын қәлеўине қарап өзгерте алатуғын болыпты.

Сайғақтың арнап келиўине ыразы болған Адам ата:

-Жәниўарым, мен саған ырзаман.  Арзың болса айт. Мийирман Алладан дуўа етип, бир мүтәжиңди питкерейин,-дейди. Сонда кийик:

-Төллегенде қуралайым шыбын-ширкейге жем болады. Оннан қалса, қасқыр жеп кетеди. Даланың шөби нәрестелериме аўырлық етип, май жыйнай алмайды. Усы қыйыншылықтан қутқарсаңыз,-депти. Адам ата Аллаға сайғақтың арзын жеткерип, қыйыншылықтан қутқарыпты. Соннан баслап, Алланың ҳәмири менен кийиклер балалайтуғын ўақытта далаңлықларда шыбын-ширкейди шығартпайтуғын суўық болады екен. Оны халықта «қуралайдың салқыны» деп атайды. Уллы Алла сол ўақытта қасқырдың кийикке деген нәписин тыяды. Қуралайлар падаға қосылғанша қасқырлар оларға жақынлай алмайды. Жас кийикке арнап даладан түйетабан деген шөп шығарады. Ол тек кийик балалайтын ўақытта ғана көгерип, көклеп, кишкене ылақларға азық болады екен.

Кийик Уллы Алланың халифасын көрип, қолынан жем жеп, мақсети орынланғаннан соң ашық далаңлыққа қайтпақшы болады. Сол ўақытта Адам ата оған:

Шөлистанға сән болып,

Қут-берекет, мән қонып.

Өсип-өнсин нәсилиң

Бир қудайым яр болып,

Алланың өзи қолласын,

Бар  бәледен қорғасын.

Саған зыян келтирген

Ҳеш қашан да оңбасын.

Өзиңе сай мәкан тап,

Басыңа орнасын бахыт беккем.

Саҳра менен шөллерге

Ырыс-берекет шаш, ақбөкен,-деп пәтиясын береди. Соннан баслап кийик кийеленип, қәсийетли дала жәниўары деп есапланыпты. Оны наҳақ өлтирген адам Адам атаның қарғысына ушырайды деген түсиник бар.

Диний рәўәятларда Адам ата жерге түскен ўақытта бейиштен әнжирдиң бес жапырағын алып түскен екен. Сол жапырақтың биреўин пал ҳәрреси, биреўин жипек қурты, биреўин кийик жеген деп айтылады. Қалған екеўин Адам ата жерге египти. Кийик бейиштиң жемисин жегенликтен кийели ҳайўанға айланыпты.

Халық аўызында жүдә көп айтылған аңызлардан биринде Муҳаммед пайғамбар кийикти қутқараман деп жанын қурбан етипти.

Бир ўақытлары қийик аңшының қурған торына түсип қалыпты. Кийикти пайғамбар намаз оқып отырып көреди. Дәрриў атына минип, аңшының дузағына барыпты. Қараса аңшы олжасын баўызлайын деп атыр екен. Пайғамбар аңшыға:

-Кийикти босатып, мениң жанымды ал. Қурбаның болайын, тек өлтирме,-деп аяғына бас урады.

Аңшы пайғамбардың мийрим-шәпәәтин көрип, кийикти босатып жибереди.

Халық арасында «кийикти наҳақ өлтирме», «кийикке Муҳаммед пайғамбар қалқан болған», «кийик ушын пайғамбар жанын берген» деген нәсият кең тарқалған. Кийикти өлтирсе Муҳаммед пайғамбардың ғарғысы урады деген де  ырым бар…

 

 

Интернет материаллары тийкарында таярланды