Пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист,белгили журналист ҳәм аўдармашы Кеңесбай Реймовтың туўылғанының 60жыллығына арналған әдебий кеше болып өтти.

 

 

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов басқарып барды.

Кешеде филология илимлериниң докторы З.Бекбергенова К.Реймовтыңөмири ҳәм дөретиўшилик жолына кең түрде тоқтап өтти.

Буннан кейин, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы Г. Аннақлышева, «Билим» баспасының директоры, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов,И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатының директоры Ф.Палымов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, К.Реймовтыңдөретиўшилигине, оның инсаныйлық пазыйлетине тоқтап өтти.

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, белгили журналист ҳәм аўдармашы К.Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылды. Орта мектепти тамамлаған жас талант ийесиниң көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығы оны Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетине оқыўға алып келди. Бул оқыў дәргайын питкергеннен кейин өзиниң өмир жолын ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасында әдебий хызметкер, бөлим баслығы болып ислеўден баслады. Буннан кейин Қарақалпақстан областлық жаслар комитетиниң инструкторы, лекторлар топарының баслығы, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының редакторы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Бас редакторының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Секретариатының баспасөз бойынша хаткери,«Еркин Қарақалпақтан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы,Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша жәрдемшиси лаўазымларында жемисли мийнет етти. Бүгинги күни «Еркин Қарақалпақтан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы болып ислеп келмекте.

 

 

Ол усындай жуўапкершиликли лаўазымларда ислесе де поэзиядан қол үзбеди. 1990-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан оның «Аппақ тырналар» деп аталған қосықлар топламы жарық көрди. Соның менен бирге, Биринши Президентимиз И.Кәримовтың «Өзбекстанның өзиниң жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолы», «Өзбекстан экономикалық реформаларды тереңлестириў жолында», «Жоқары мәнаўият-жеңилмес күш» атлы мийнетлерин, бир қатар жазыўшы ҳәм шайырлардың қосықлар топламын қарақалпақ тилине аўдарып, китап оқыўшыларына саўға етти. 1991-жылдан бери Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

 

 

Оның көп жыллық жемисли мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, 2013-жылы оған «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Илажда сондай-ақ, К.Реймовтың «Гүмис нурлар», «Кашмир қосығы» «Айтшы достым, не иследик Ўатан ушын?!» китапларын таныстырыў мәресими де болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

 

Фотолар авторы: Мақсет Ҳабибуллаев.