Мойнақ районы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынындағы Али аўылында жайласқан 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң филиалы жаңадан қурылып питкерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий вебсайты хабар бермекте.

Мектептиң қурылысы ушын БМШ Раўажланыў қоры тәрепинен 55 мың АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылған еди. Мектептиң иши Япония халықаралық раўажландырыў шөлкеми – JAIKA тәрепинен 32 миллион сумлық оқыў қураллары ҳәм инвентарлар менен тәмийинленди. Бул шөлкемниң Өзбекстан Республикасындағы баслығы Така Сака Мунэо жаңадан қурып питкерилген мектеп филиалында болып, жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги