Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникациялар университетин шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында, Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникациялар университети шөлкемлестирилди.

Университет ғалаба хабар қураллары тараўы ушын журналист кадрлар, атап айтқанда, халықаралық журналистлер таярлаў, республикада медиабилимлендириў системасын жаратыў бойынша таяныш жоқары оқыў орны болады.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысы тийкарында университеттиң тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша абитуриентлерди оқыўға қабыллаў кириў тест сынақлары менен бирге кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан (жазба ҳәм сәўбетлесиў арқалы) өткериў арқалы әмелге асырылады.

2018-2019-оқыў жылынан баслап Миллий университет ҳәм Жәҳән тиллери университетинде «Журналистика (хызмет түрлери бойынша)» бағдары ҳәм оның тийкарында магистратура қәнигеликлери, атап айтқанда, «Жоқары журналистика курслары» бойынша қабыллаў тоқтатылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.