2018-жылдың ақырына шекем Өзбекстанда жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған транспорт басқарыўшыларына белгиленген жәриймалар муғдарын көбейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын таярлаў режелестирилмекте, деп жазады Asr.uz Sputnik басылымына тийкарланып.

Жойбарда транспорт қуралын басқарыў мәдениятын турақлы түрде бузып келген, сондай-ақ, ескертиўши шырақты жақпастан бир полосадан екиншисине өткенлер, «жол бийзарылары» ҳәм бәлент даўыстағы сигналлардан орынсыз пайдаланған транспорт басқарыўшыларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў мәселеси де өз көринисин табады.

Сондай-ақ, транспорт қуралын мәс ҳалда басқарған транспорт басқарыўшыларына жуўапкершиликти күшейтиў, атап айтқанда, усындай қағыйда бузыўшылық ушын ҳәкимшилик қамаққа алыў шаралары көрилиўи де нәзерде тутылмақта.

Және ЖПХ хызметкерлериниң нызамлы талабына бойсынбай транспорт қуралын тоқтатпаған транспорт басқарыўшыларына да жәриймалар муғдары көбейтилиўи белгиленген.

Жаңа ҳүжжетте белгилениўинше, усы жылдың август айынан баслап жол қағыйдасын бузған пиядалар мәлимлеме-коммуникациялық қураллар арқалы анықланып, электрон протоколлар рәсмийлестирилиўи жолға қойылады. Жол қағыйдасын бузған пиядалар ушын да жәриймалар ҳәм жуўапкершилик күшейтиледи.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2017-жыл 1-декабрьден баслап республикада ең кем мийнет ҳақының муғдары 1,15 процентке көбейтилди. Бул болса, әлбетте, ең кем мийнет ҳақына байланыслы болған барлық түрдеги жәриймалар муғдарының көбейиўине себепши болды. Соның ишинде, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәриймалар муғдары да жаңа баҳада белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.