Нөкисте Жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы ведомстволараралық комиссиясының мәжилиси болып өтти.

 

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы ведомстволараралық комиссиясының баслығы Қ.Сариев басқарып барды.

Жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы ведомстволараралық комиссияның ағзалары, районлық ҳәм қалалық комиссиялардың жуўаплы хаткерлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан мәжилистиң күн тәртибинде «Жылдың ең жақсы жуўаплы хаткери» таңлаўының жеңимпазын сыйлықлаў, комиссияның быйылғы жылғы ис-режесиниң орынланыў барысы ҳәм социаллық мәселелер көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, жас өспиримлердиң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеўде унамлы нәтийжелерге ерисип, хызмет ўазыйпасын инабатлы атқарып киятырған, жумыстың нәтийжелелигин жақсылаўға ерисип атырған комиссияның жуўаплы хаткерлерин хошаметлеў мақсетинде Жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық ведомстволараралық комиссияның хаткерлери арасында 2017-жылдың жуўмағы бойынша «Жылдың ең жақсы жуўаплы хаткери» таңлаўы өткерилген еди. Усы таңлаўдың жуўмағына бола Хожели районы ведомстволараралық комиссияның хаткери Фарангиз Наранова дәслеп Қарақалпақстан Республикасы басқышында, соң республикалық басқыштың жеңимпазы болды. Таңлаў жеңимпазы Жас өспиримлер ислери бойынша республикалық ведомстволараралық комиссиясының «Белгиси» ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған еди. Мәжилисте жеңимпазға усы сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

-Өткен жыл даўамында жас өспиримлердиң ҳәр тәреплеме саламат. бәркамал әўлад болып жетилисиўин тәмийинлеў, олар арасында қадағалаўсызлық, қараўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды,-дейди таңлаў жеңимпазы Фарангиз Наранова.- Районлық ведомстволараралық комиссия тәрепинен улыўма билим бериў мектеплеринде, кәсип-өнер колледжлеринде  «Давомат». «Түнги рейд» илажларының өткерилиўи өзиниң унамлы нәтийжесин берди. Мениң жумысым жоқары баҳаланып, жеңимпаз деп тапқанынан оғада қуўанышлыман.

Мәжилисте сондай-ақ, комиссияның быйылғы жылғы ис-режесиниң орынланыў барысы көрип шығылды ҳәм ўазыйпалар белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.