Ташкент қаласында 23-май күни БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Универсал дәўирлик есабы шеңберинде Өзбекстан Республикасының Үшинши миллий баянаты жуўмақларына бағышланған брифинг шөлкемлестирилди.

Онда Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры А.Саидов, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары М.Истамов, ишки ислер министриниң орынбасары Б.Одилов, бас прокурордың орынбасары Э.Йўлдошев ҳәм басқалар Өзбекстан Республикасының Үшинши миллий баянатының көрип шығылыўы жуўмақлары бойынша мағлыўмат берди.

БМШ Бас Ассамблеясының резолюциясы менен 2006-жыл 5-майда қабыл етилген Универсал дәўирлик есап Инсан ҳуқықлары бойынша кеңестиң механизми болып, оның шеңберинде БМШ қа ағза мәмлекетлердиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жумысын баҳалайды ҳәм инсан ҳуқықларының бузылыўы жағдайларына  зәрүр илажлар көреди.

2018-жыл 7-18-май күнлери Женевада БМШ тың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Универсал дәўирлик есабы бағдарында жумысшы топардың 30-сессиясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасының миллий баянаты усынылды. Усы баянат арқалы халықаралық жәмийетшиликтиң елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди буннан былай да жетилистириў бойынша көрилип атырған илажлар, соңғы жылларда ерисилген тийкарғы социаллық-экономикалық табыслар ҳәм раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары менен таныстырылды.

Универсал дәўирлик есап шеңберинде Өзбекстан Республикасының үшинши миллий баянатының жуўмақлары бойынша Инсан ҳуқықлары бойынша кеңестен 200 ден аслам усыныслар келип түскен.

Илажда Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес делегациялары Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы ис-ҳәрекетлери, ерисилген жетискенликлер, әмелге асырылып атырған конституциялық, институционаллық ҳәм ҳәкимшилик реформалар, елдиң конструктивлик сөйлесиў ушын ашық-айдынлығын жоқары баҳалағаны атап өтилди.

Әсиресе, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилгени елимиздиң инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди буннан былай да жоқарылатыў ҳәм бул бағдарда халықаралық миннетлемелерди орынлаў тәрепдары екенин көрсеткени атап өтилди.

Илажда Президентимиздиң 2018-жыл 5-майдағы «Инсан ҳуқықлары пүткил дүньялық декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы, БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң дин еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысының усыныслары тийкарында парламент палаталары Кеңесиниң биргеликтеги қарары менен тастыйықланған дин еркинлигин тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» көргизбелери өткерилди.

Илаж шеңберинде БМШ Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы арасында Өзбекстанда БМШ Режесин ҳәм шәртнамалық уйымларының усынысларын әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жойбарға қол қойылды.

– БМШ Өзбекстан менен бирге ислесиўге жүдә үлкен үмит байлаған. Универсал дәўирлик есап шеңбериндеги бул бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жаңа жойбарға қол қойылғаны әҳмийетли ўақыя, – деди БМШ Раўажландырыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Хелена Фрейзер. – Елиңизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар ашық-айдынлық принциплери тийкарында алып барылып, бул процесслерге инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық шөлкемлердиң экспертлери кеңнен тартылып атырғаны мақтаўға ылайық. Келешекте бирге ислесиўимиз Өзбекстан ҳәм БМШтың турақлы раўажланыў мақсетлери менен үйлесимли тәризде даўам ететуғынына исенемиз.

Байрам АЙТМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы