Пайтахтымыздағы «Hyatt Regency Tashkent»  мийманханасында Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри Пўлат Бобожонов ҳәм Тәжикстан Республикасы ишки ислер министри Рамазон Ҳамро Раҳимзода менен рәсмий ушырасыў болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң сиясаты себепли қоңсы мәмлекетлер менен нәтийжели ҳәм дослық қатнасықлары жолға қойылмақта.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилген. Ҳуқықты қорғаў тараўындағы ведомстволараралық бирге ислесиў де жедел түрде раўажланбақта.

Ушырасыўда терроризм, экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, нызамсыз миграция, адам саўдасына қарсы гүресиў, тез мәлимлеме алмасыўды жеделлестириў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Тәжикстан ишки ислер министри еки елдиң ишки ислер ведомстволары арасында тығыз бирге ислесиў жедел раўажланатуғынына исеним билдирди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Тәжикстан ведомстволараралық муўапықластыыўшы жумысшы топарының екинши мәжилисинде ерисилген келисимлерди турмысқа енгизиў мәселелери додаланды. Жумысшы топарының үшинши мәжилисин өткериў орны ҳәм ўақты белгилеп алынды.

Ушырасыў жуўмағында 2018-2019-жылларда экстремистлик ҳәм террористлик структуралардың жумысына қарсы интернет тармағында «Таза тармақ» шәртли атамасы астында гүресиў бойынша комплексли илажлардың биргеликтеги режеси ҳәм мәжилистиң жуўмақлаўшы протоколына қол қойылды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзА ның хабаршысы