Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 2017-жыл 2-август күни улыўма билим берииў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара интеграцияны тәмийинлеген ҳалда, 11 жыллық орта билимлендириў системасын енгизиў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар басшылары, орынларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, халық билимлендириў ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў аймақлық басқарма баслықлары жоқары оқыў орынларының ректорлары, оқытыўшы ҳәм педагоглар, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында халық, жәмийетшилик ўәкиллери менен өткерилип атырған ушырасыў ҳәм пикирлесиў ўақтында, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасына ата-аналардан келип түскен мүрәжатларда орта арнаўлы мектеплерге 10-11-классларды шөлкемлестириў бойынша көплеген усыныслар билдирилмекте.

Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў орайы, жоқары оқыў орынларының ректорлары кең жәмийетшилик ўәкиллеринен дүзилген жумысшы топар ағзалары тәрепинен орынларда ата-аналар ҳәм оқыўшылар ҳәмде кең жәмийетшиликтиң 2017-2018 оқыў жылынан баслап 9-класс пиктериўшилери улыўма билим бериў мектеплериниң 10-классларында, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде оқыўын даўам еттириўге байланыслы пикирлери үйренилди.

Бул процессте улыўма билимлендириў мектеплериниң 466 мың 9-класс питкериўшисинен 352 мыңы 10-класста, 114 мыңы академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде оқыўды даўам еттириў нийетинде екени анықланды.

Мәжилисте ата-аналар ҳәм балалардың усы бойынша қәлеўлери толық есапқа алыў ҳәм әмелге асырыўдың зәрүрлиги, олардың әўере болыўына жол қоймаў, усындай жағдайлар жүз берген тәғдирде тийисли районлар ҳәкимлери, халық билимлендириў бөлими ҳәм билимлендириў мәкемелери басшыларына қатаң шаралар көрилетуғыны атап өтилди.

Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў орайы, Халық билимлендириў министрлиги басшыларына жергиликли ҳәкимлер менен биргеликте усы жыл 20-августқа шекем ҳәр бир оқыўшының анық мектеп, лицей ямаса кәсип-өнер колледжинде оқыўын даўам еттириўин тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.

Селектор мәжилисинде оқыўшылар ҳәм ата-аналардың қәлеўлеринен келип шыққан ҳалда, елимизде оқыўшыларға кәсип-өнер үйретиўдиң жаңа системасы – оқыў-ислеп шығарыў комплекслерин енгизиў мәселеси додаланды. Жаңа оқыў жылы басланыўына шекем бул комплекслерди оқыў үскенелери, кәсип-өнер үйретиў ушын зәрүр әсбап ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў бойынша жуўапкер мәкеме ҳәм шахслар белгиленди.

Мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, профилактика инспекторлары, Өзбекистан жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлери, район, қала ҳәкимлерине улыўма тәлим мектеплеринде билим-тәрбия сапасын арттырыў, ҳәр пийшемби – профилактика күнинде оқыўшылардың қатнасын үйрениў ҳәм анализ нәтийжелерин сын көз-қарас пенен додалап барыў ўазыйпасы тапсырылды.

Жаңа оқыў жылы басланыўына шекем кәсип-өнер колледжлери оқыў устаханалары негизинде оқыў-ислеп шығарыў комплекслери шөлкемлестирилип, оларға жақын әтираптағы мектеплерди бириктириў, колледжлерден узақта жайласқан улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын мектептиң өз базасында оқыў-ислеп шығарыў комплекси жаратыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Оқыў-ислеп шығарыў комплекслеринде тереңлестирилген арнаўлы таярлықты талап етпейтуғын слесарь, тигинши, шофёр, аспаз, шаштәрез, кестеши, гүлалшы, кондитер, нан жабыўшы, усташылық, сыбаўшы, бояўшы сыяқлы жәми елиўден зыят кәсип-өнер үйретиледи. Бул комплекслерде кәсип ийелеген оқыўшыларға 11-классты тамамлағаннан кейин маманлық аттестаты менен бирге мийнет жумысы менен шуғылланыў имканияты берилетуғын мәмлекетлик белгидеги ҳүжжет те тапсырылады.

Мәжилисте кәсип-өнер колледжлеринде хызмет көрсетип атырған, сабақ саатлары көлеми кемейген ҳәр бир оқытыўшыны социаллық жақтан қорғаў, оларды жаңа оқыў жылы басланыўына шекем өз қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыў, мәпдар шахсларға тийисли тапсырмалар берилген.

2017-2018 оқыў жылынан баслап мектеплердиң 10-класс оқыўшыларын жаңадан ислеп шығарылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында заманагөй сабақлықлар менен тәмийинлеўге тийисли мәселелер додаланды, тийисли шөлкемлерге сабақлықларды ўақтында ҳәм сапалы баспадан шығарыў бойынша шөлкемлескенлик пенен жумыс алып барыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте қәбилетли балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде 10-11-классларды шөлкемлестириў, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў мәселелери де көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар басшыларына усы жылыдың 20-августына шекем билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылы гүзги-қысқы мәўсимге сапалы таярлаў ҳәм де Инвестиция бағдарламасына киргизилген билимлендириў объектлеринде алып барылып атырылған қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын жуўмақлаў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

ӨзА