24-май күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси жанындағы «Камалак» балалар шөлкеминиң «Ўатан, дослық ҳәм бахытлы балалық ушын» ураны астында XVII әнжуманы болып өтти.

Илаж балалар шөлкеми жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, белсенди балаларды мүнәсип хошаметлеў ҳәм қолға киргизилген жетискенликлер менен бөлисиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Әнжуман шеңберинде пайтахтымыздағы улыўма билим бериў мектеплериндеги Сәрдарлар кеңеси тәрепинен оқыў жылы даўамында әмелге асырылған жумыслар, қолға киргизилген табыслар айрықша атап өтилди ҳәм белсенди сәрдарларға Нөкис қалалық балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Мағлыўма ушын, бул илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдағы «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында шөлкемлестирилди.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.