Усы жылдың 24-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Жаслар – келешек қурыўшысы» ураны астында жаслар фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Д.Каттаханова ҳәм жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров сөзге шығып, қатнасыўшыларға табыс тиледи.

Фестивал Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде даўам еттирилди.

Жаслар фестивалы төрт басқыштан ибарат болып, биринши басқыш барлық билимлендириў мәкемелеринде, екинши басқыш район ҳәм қалаларда, үшинши басқыш Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилди. Бул басқышта жеңимпаз болған жас талант ийелери төртинши – республикалық басқышқа жоллама алады.

Жаслар фестивалы шеңберинде «Жас қосық атқарыўшылары», «Жаслар саз әсбаплары ҳәм оркестрлери», «Студентлер театр-студиялары» фестиваллары өткерилди.

Фестивалда ҳәр бир қатнасыўшы тек ғана бир бағдар бойынша қатнасты ҳәм бунда қосықлар тек ғана жанлы ҳаўазда атқарылды.

Фестивал соңында жеңимпазлар анықланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында фестивалдың гала-концерти болып өтти.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги