Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районы Халық қабыллаўханасына быйылғы жылдың өткен төрт айынан аслам ўақыт ишинде 162 мүрәжат келип түскен болса, соннан бүгинги күнге 39 ы толық қанаатландырылды.

-Олардан 61 мүрәжат өзимизде көрип шығылып, 94 и үйрениў және машқалаларды шешиў ушын аймағымыздағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге, 7еўи жоқары уйымларға  жиберилди,-дейди Халық қабыллаўханасының баслығы Эркин Ражабов.- Соның менен бирге, 48 мүрәжат ийесине ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм мағлыўмат бериў арқалы шешилди. 38 и болса, тийкарлы деп табылып, олардың шешими ушын қосымша ҳүжжет, мүддет ҳәм үйрениў талап етилетуғын мүрәжатлар қатарына киргизилди, қалған 19 пуқараның мүрәжаты толық үйренилип, зәрүр түсиник берилди.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде райондағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 66  мәрте  түрли темадағы илаж өткерилип, оларда халықтың мүрәжат ҳәм усыныслары қабыл етилди. Район ҳәкими Султанбай Йўлдашев  орынларда болып, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында 30 мәрте көшпели қабыллаў өткерди. Буннан тысқары, районлық Халық қабыллаўханасының басшылығында орынларда 10 мәрте ашықтан-ашық пикирлесиў, кәрхана ҳәм мәкеме басшыларының қатнасында 28 мәрте шөлкемлестирилген жүзбе-жүз ушырасыўлар барысында халық арасында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалар додаланып, олардың айырымларының сол жердиң өзинде шешими табылғанлығы «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелдеги көриниси болмақта.

Ҳәр ҳәптениң шемби күни район ҳәкиминиң басшылығында ҳуқық қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың басшылары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары менен биргеликте  райондағы бир өзин-өзи басқарыў уйымында, бир мәмлекетлик уйымда болып, сол аймақта жасаўшы халық пенен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, анықланған машқалаларды сол жердиң өзинде шешиў бойынша анық илажлар көрилмекте. Бундай илажлар халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды тезлик пенен шешиў имканиятын бериў менен бир қатарда, олардың аўырын жеңил етип, мәмлекетлик уйымларға болған исениминиң арттырыўына хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.