Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери оқыўшылары арасында «Жас өрт өшириўши» спорт жарысының екинши басқышы болып өтти. Оған қала ҳәм районлардан орта арнаўлы билимлендириў мәкемлериниң командалары қатнасты. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы хабар бермекте.

Жарыс өрт өшириў эстафетасы, 100 метрге тосықлар асып жуўырыў, ийелеў, зәңгиде оқыў имаратының 2-қабатына көтерилиў ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша тест сыяқлы сынақлардан ибарат болып улыўмалық есапта 1-орынды Хожели Байланыс кәсип-өнер колледжи, 2-орынды Нөкис районы Қутанкөл агроэкономика колледжи, 3-орынды Нөкис спорт колледжи сайланды командалары ийеледи.

Бул жарыстың биринши басқышы 20-22-апрель күнлери  өткерилген.

 

Жеңимпазлар ҚР ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен таярланған диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Хожелиши жас өрт өшириўшилер 28-30-май күнлери Сырдәрья ўәлаятында болып өтетуғын беллесиўге қатнасыўға жоллама да алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги