Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, 2017-жылы Иранда адамлар арасында 31 жағдайда Қрым-Конго гемморогиялық ысытпа кеселлиги дизимге алынған болып, 3 наўқас усы кеселлик себепли қайтыс болған. Аўғанстанның 27 провинциясында 237 усындай кеселлик анықланып, 41 наўқас қайтыс болған. Наўқаслардың 70 и Аўғанстанның пайтахты Қабул қаласында дизимге алынған. Олардың 13 и қайтыс болған.

Ал, республикамызда болса, 2017-жылы 5 бруцеллез, 18 от жара,           1 Қрым-Конго геморрогиялық ысытпа, 5 қутырыў кеселлиги менен наўқасланғанлар дизимге алынған. Ҳайўанлардан жарақатланғанларды емлеў ушын препаратларды сатып алыўға 700 миллионға шамалас қаржы жумсалған…

Бул мағлыўматлар Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2018-жыл 15-майдағы «Республикада оғада қәўипли жуқпалы кеселликлердиң профилактикасы, диагностикасы ҳәм емлениўи бойынша илажларды күшейтиў ҳаққында»ғы көрсетпе хатына тийкарланып, Қрым-Конго геморрогиялық ысытпа кеселлигине гүман етилген наўқасларды ерте анықлаў ҳәм кеселликтиң алдын алыў бойынша жумысларды және де күшейтиў мақсетинде өткерилген семинарда атап өтилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң, қалалық, районлық медицина бирлеспелериниң бас инфекционистлери, хирурглары, терапевтлери, акушер-гинекологлары, рабиологлары, республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы филиалларының басшылары ҳәм оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер бойынша жуўапкер шыпакерлер қатнасты.

Семинарда усы көрсетпе хатқа муўапық, барлық қалалық ҳәм районлық мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайларында, медициналық ҳәм ветеринариялық хызметлердиң қәнигелеринен ибарат жумысшы топарлар дүзилип, ҳәр бир мәҳәлледе үйме-үй жүрип жумысларды шөлкемлестириў белгилеп алынды. Олар патронаж жумысларын өткериў ўақтында кене шаққан пуқараларды анықлаў, оларға медициналық бақлаў орнатыў, зәрүр болса емлеўханаға жатқарылыўын шөлкемлестириў ҳәм халық арасында ҚКГЫ кеселлиги ҳаққында түсиник жумысларын алып барыў, топарлар тәрепинен пуқараларға тийисли қара мал ҳәм қой-ешкилердиң кенелеп кетиў дәрежесин үйренип, зыянсызландырыў жумысларын өткериў, оғада қәўипли жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша ғалаба хабар қуралларынан кең пайдаланған ҳалда санитариялық түсиник жумысларын алып барыў илажлары әмелге асырылады. Жергиликли телевидение ҳәм радиода шығыўлар, газеталарда мақалалар басып шығарылыўы шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, усы илажда қәнигелер ҚКГЫ ҳәм от жара кеселлигиниң клиникасы, клиникалық-лабораториялық диагностикасы, емлеў усыллары. наўқаслардан лабораториялық тексериў ушын үлгилер алыўдың мүддетлери, тасыў ҳәм лабораторияға жеткериў тәртиплери, кеселликтиң эпидемиологиясы, эпизоотологиясы ҳәм профилактикасы, оның ошақларында эпидемиологиялық сорастырыўлар өткериўге қойылатуғын талаплар туўралы кең түрде мағлыўматлар берип өтилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.