Пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда «Аязий билимданлары» атамасында жас китапқумарлар таңлаўы болып өтти. Таңлаўда он үш оқыўшы төрт басқышта беллести.

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың исмин мәңгилестириў, шайырдың шығармаларын үгит-нәсиятлаўды буннан былай да кең ен жайдырыў, жас қәлемкешлерди, талант ийелерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда районлық, қалалық басқышта жеңимпаз болған оқыўшылар қатнасты.

– Бүгинги таңлаўдың сораў-жуўаплар басқышында албырадым, шайыр атамыздың шығармаларын сүйип оқыған менен өмир жолы ҳаққында еле де көбирек керек екенлигин түсиндим, – дейди алыс Тахтакөпир районы 6-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Ҳүрлиман Жолдасбаева.

Таңлаў жуўмағында 1-орынға пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының 9-класс оқыўшысы Смайлов Абдирашит,  2-орынға хожелиши Гөззал Жумамуратова, 3-орынға Кегейли районынан Гүлшада Кеңесбаева мүнәсип табылды.

Еслетип өтемиз, илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген.

Жеңимпазларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги