Орайлық банк айланыстан шығарылып атырған тыйынлар ҳәм банкноталарды алмастырыў тәртибин жәриялады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Алдын айланыстағы 50 ҳәм 100 сумлық тыйынлар, сондай-ақ, 50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық банкноталар айланыстан қайтарып алыныўы, олардың орнына болса 2018-жыл үлгисиндеги 50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық тыйынлар айланысқа киргизилиўи ҳаққында хабар берилген еди.

Атап өтилиўинше, ески үлгидеги тыйынларды ҳәм банкноталарды айланыстан қайтарып алыў тәбийғый усыл арқалы, яғный банк кассаларына келип түскен бул тыйынлар және банкноталарды қайта айланысқа шығармаў арқалы әмелге асырылады.

Тастыйықланған тәртипке қарағанда, айланыста болыў мүддети:

– ески үлгидеги 50, 100 сумлық тыйынлар ҳәм 50, 100 сумлық банкноталар ушын 2019-жылдың 1-июлына шекем;

– ески үлгидеги 200, 500 сумлық банкноталар ушын 2020-жылдың 1-июлына шекем белгиленген.

Белгиленген мүддет даўамында бул банкнота ҳәм тыйынлар нызамлы төлем қуралы болып, олар арқалы нақ пулдағы төлемлерди әмелге асырыў мүмкин.

Хабарда жазылыўынша, халық өз қолындағы ески үлгидеги тыйын ҳәм банкноталарды банклер арқалы жаңа үлгидеги тыйынларға алмастырып алыўы да мүмкин.

Ески үлгидеги тыйынлар ҳәм банкноталарды банклер арқалы жаңа тыйынларға алмастырып алыў:

– 50, 100 сумлық тыйынлар ҳәм 50, 100 сумлық банкноталар жаңа үлгидеги 50, 100, 200, 500 сумлық тыйынлар айланысқа киргизилгеннен баслап;

– ески үлгидеги 200, 500 сумлық банкноталарды 2019-жылдың 1-июлынан баслап банк кассалары арқалы әмелге асырылады.

Мағлыўматта келтирилиўинше, Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң жаңа үлгидеги 50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық тыйынлардың айланысқа киргизилиў сәнеси, олардың көриниси ҳәм түсиндирмеси Орайлық банктиң веб-сайты ҳәм ҒХҚ арқалы жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги