Бөлистирилген реестр (блокчейн) технологиялар бойынша ўәкилликли орай криптовалюталар менен шуғылланбайды. Бул ҳаққында «Mirzo Ulugbek Innovation Center» (MUIC) бас директоры Фарҳод Ибрагимов мәлим етти, деп жазады Daryo.uz Kommersant.uz сайтына силтеме берип.

Усы жылдың февраль айында Президент Шавкат Мирзиёев MUIC жанында Бөлистирилген реестр технологиялар бойынша ўәкилликли орай шөлкемлестириўди мақуллады. Көпшилик ғалаба хабар қураллары буны блокчейн технологиясы тийкарында ислейтуғын криптовалюталарды легалластырыўға қаратылған сигнал сыпатында қабыл етти.

«Орайдың тийкарғы ўазыйпалары – блокчейн технологиясын тарқатыў ушын шараятларды жаратыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў. Биз криптовалюталарды раўажландырыў менен шуғылланбаймыз», – деп айтып өтти Ибрагимов.

Өзбекстан Орайлық банки криптовалюталар бойынша бирнеше мәрте түсиник берип, оларды терроризмди қаржыландырыў ушын қурал деп атаған. Криптовалютадан аноним пайдаланыў себепли қаржылардың нызамсыз айланысы ҳәм алдаўшылық ҳалатлары көбейеди, бул болса, өз гезегинде, бирнеше еллерде жасырын экономиканы раўажландырыўға хызмет етеди.

Өзбекстанда криптовалюта статусы анықланбаған (оларды қолланыўға жол қойылмайды, бирақ бул қадаған етилген нәрсе емес) болса да, Орайлық банк халыққа криптовалюталар менен қандайда бир операциялар өткериўди усыныс етпейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги